Сенаттың жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

Бүгин, 2025-жыл 28-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Мәжилис процесслери Сенаттың YouTube тармағындағы рәсмий бети арқалы онлайн жарытып барылмақта.
Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў системасын енгизиў бойынша жаңа нызам да сенаторлар тәрепинен көрип шығылады.
Күн тәртибинен Өзбекстан Республикасы менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасында пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳаққындағы Келисимди ратификациялаў мәселеси де орын алған.
Мәжилис күн тәртиби шеңберинде тийкарғы халықаралық рейтинглер ҳәм индекслерде Өзбекстанның орны жақсыланыўы ҳаққындағы миллий баянат және Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәмлекет аймақларында хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланады.
Буннан тысқары, Сенаттың жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге жәрдемлесиў комиссиясының жергиликли кеңеслердиң жумысына әмелий ҳәм методикалық жақтан жәрдемлесиў бағдарында әмелге асырған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланады.
Балаларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемниӊ сапасын жақсылаў, аймақлардағы балалар көп тармақлы медицина орайларын тар шеңбердеги қәнигелер менен, материаллық-техникалық жағдай талапқа жуўап бермейтуғын айырым медицина мәкемелерин болса заманагөй жоқары технологиялық үскенелер менен тәмийинлеўге қаратылған илажлар бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлигине парламентлик сораў жибериў мәселеси де көрип шығылады.
Мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелерди толық сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!
Норгул Абдураимова,
Носиржон Ҳайдаров (сүўрет),
ӨзА