Улыўма абаданлық ҳәм турақлылыққа қарай

Ташкентте «Орайлық Азия-2050: улыўма абаданлық ҳәм турақлылыққа қарай» атамасында биринши регионаллық форсайт-семинары басланды.
Әнжуман Стратегиялық реформалар агентлигиниң басламасы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Орайлық Азия халықаралық институты, Қазақстан Республикасы Стратегиялық режелестириў ҳәм реформалар агентлиги менен биргеликте, Европа Аўқамының елимиздеги делегациясының жәрдеминде шөлкемлестирилген.
Илаж қатнасыўшылары 2050-жылға шекем демография, энергетика, климат, суў, транспорт интеграциясы ҳәм инсан капиталы бағдарларындағы болжаўлар бойынша пикир алысады. Соның менен бирге, регион мәмлекетлери арасында санаат кооперациясы, экономикалық жақтан бир-бирин толықтырып турыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.
Биринши мәрте өткерилип атырған регионаллық форсайт-семинар биргеликтеги стратегияларды ислеп шығыў, Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы узақ мүддетли қарым-қатнасты беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Додалаў, пикир таласлардың жуўмағы, ислеп шығылған идеялар, алға қойылған басламалар мәмлекет басшыларының болажақ Мәсләҳәт ушырасыўының күн тәртибин қәлиплестириўге үлес қосады. Сондай-ақ, раўажланыў, инновация ҳәм регионаллық интеграция тараўында турақлы бирге ислесиў ушын тийкар жаратады.
Мусулмон Зиё, Дониёр Ёқубов (видео), ӨзА