Делегациямыз Қытайдағы халықаралық конференцияда қатнаспақта

Қытай Халық Республикасының Донгиинг қаласында “Yellow River Estuary” халықаралық бирге ислесиў ҳәм алмасыў бойынша дос қалалар конференциясы болып өтпекте. Бул абырайлы халықаралық илажда түрли мәмлекетлерден ўәкиллер, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы делегациясы да қатнаспақта.
Конференция шеңберинде қатнасыўшылар өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў, экономикалық, мәдений ҳәм илимий тараўларда тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, турақлы раўажланыў жолында жаңа басламаларды алға қойыў мәселелерин додаламақта. Илаж, әсиресе, қоршаған орталықты қорғаў, жасыл экономика, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қалалар аралық турақлы байланысларды раўажландырыўға қаратылған.
Республикамыз делегациясы қурамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң халықаралық бирге ислесиў бойынша проректоры Т.Нурымбетов та қатнаспақта. Ол бул конференцияда жоқары билимлендириў орынлары арасындағы халықаралық байланысларды раўажландырыў, илимий алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды жолға қойыў бойынша бир қатар ушырасыўларды өткермекте.
Конференция даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Қытайдың жетекши жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылыўы режелестирилген болып, бул еки тәреплеме илимий-инновациялық жойбарларды әмелге асырыў, студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар алмасыўын жолға қойыў имканиятын береди.

-Бул халықаралық форум Өзбекстанның, әсиресе, Қарақалпақстан регионының халықаралық бирге ислесиўдеги белсендилигин көрсетеди ҳәм жаңа стратегиялық басламаларды әмелге асырыўға хызмет етеди,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң халықаралық бирге ислесиў бойынша проректоры Т.Нурымбетов.
Илаж еле даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги