Өзбекстанда миллионлаған жасларды қамтып алған “Студентлер фестивалы” болып өтти

Дерлик бир ай даўамында Жаслар ислери агентлиги, Жоқары билимлендириў министрлиги ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте өткерилген фестиваль шеңберинде республика бойлап таңлаўлар, спорт ҳәм интеллектуаллық ойынлар, дебатлар, конференциялар, көргизбелер шөлкемлестирилди. Оларда жәми 1,5 миллионға шамалас студент-жаслар қатнасты.
“Talaba Expo – 2025” көргизбеси, 700 шөлкемниң қатнасыўында мийнет ярмаркалары, шеберлик сабақлары ҳәм табыслы питкериўшилер менен ушырасыўлар өткерилди. 5 мың студент жумысқа бағдарланды, 924 студенттиң бизнес-жойбары кредит пенен қоллап-қуўатланды.
Сондай-ақ, “Абитуриентлер күни,” “Студентлер күни”нде қәбилетли жаслардың қатнасыўында стартап таңлаўы, креатив шоу ҳәм мотивациялық ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Фестиваль жуўмағында 600 мыңға шамалас қатнасыўшы менен гала-концертлер болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги