Қарақалпақстан делегациясының БАӘ ға сапары – жаңа басқыштағы бирге ислесиўлердиң тийкары

325

Мүнәсибет

Бүгинги күнде Өзбекстан халықаралық майданда избе-из ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат алып барып, дүнья мәмлекетлери менен ҳәр тәреплеме пайдалы қатнасықларды беккемлеп бармақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламалары менен елимизде барлық аймақлардың экономикалық ҳәм инвестициялық имканиятларын ашып бериўге айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасындағы кең көлемли реформалар ҳәм жедел раўажланыў процесслери халықаралық шериклердиң итибарында.

Усы көзқарастан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы делегацияның Бирлескен Араб Әмирликлерине сапары үлкен әҳмийетке ийе. Бул сапар етиў Президентимиздиң тапсырмасына муўапық әмелге асырылды ҳәм ол еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғыны сөзсиз.

Сапар шеңберинде Қарақалпақстан делегациясы БАӘдеги бир қатар жетекши мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери, соның ишинде, инвестиция, туризм, экология, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларында жумыс алып барып атырған шөлкемлер менен сөйлесиўлер алып барды. Қарақалпақстандағы өз-ара пайдалы жойбарлар, атап айтқанда, туризм инфраструктурасын раўажландырыў, заманагөй клиникалар қурыў, жасыл энергетика ҳәм IТ тараўларындағы имканиятларды таныстырыў жоқары баҳаланды.

Сондай-ақ, БАӘ ниң ең ири инвестициялық компаниялары менен болып өткен ушырасыўларда Қарақалпақстан аймағына инвестицияларды тартыў, азық-аўқат қәўипсизлиги, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге байланыслы мәселелер додаланды. Қарақалпақстанның бай тәбийғый ресурслары, қолайлы географиялық жайласыўы ҳәм жоқары потенциалға ийе инсан капиталы БАӘ исбилерменлери ушын үлкен қызығыўшылық оятпақта. Итибарлы тәрепи сонда, сапар даўамында бир қатар биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў шеңберинде Нөкис қаласында қурылып атырған баҳасы 28 миллион долларлық “Ана ҳәм бала” клиникасы усы жылы өз жумысын баслайды.

Қарақалпақстан Республикасы делегациясының БАӘға сапары тек ғана экономикалық емес, ал мәдений-гуманитарлық тараўларда да еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўы күтилмекте. БАӘ тәжирийбесин Қарақалпақстанда енгизиў – заманагөй басқарыў, технологиялық раўажланыў ҳәм инновациялық қатнасларды енгизиўде әҳмийетли орын ийелейди. Ҳәр қандай социаллық-экономикалық өзгеристиң орайында инсан мәпи, оның саламатлығы, билим алыўы ҳәм мүнәсип турмыс кешириўи жатады.

Әсиресе, Абу-Даби (АДФД) раўажланыў фонды басшылары менен ушырасыўда Қарақалпақстанда биргеликтеги технопарклер, оқыў орайларын ашыў, жол қурылысы, экологиялық жағдай, суў тәмийнатын жақсылаў, аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылғанлығы республикамыздың раўажланыў басқышы ушын оғада әҳмийетли келисимлерден бири болды. Сондай-ақ, регионның ең үлкен машқаласы – Арал теңизиниң Батыс бөлегин сақлап қалыў мәселелери додаланғаны экологиялық қыйын шараятты жумсартыўға қаратылған және бир қәдем болды, деп есаплаў орынлы.

Бул сапар етиў тек ғана жоқары дәрежедеги дипломатиялық сөйлесиў емес, ал стратегиялық бирге ислесиўге қойылған исенимли қәдем болып есапланады. Бул сапар етиў елимиздиң барлық аймақлары қатарында Қарақалпақстанның да глобал көлемде өз орнын беккемлеп атырғанынан дәрек береди.

Орынгүл Аллабергенова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты

Қарақалпақстан хабар агентлиги