Халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қоршаған орталыққа унамсыз тәсири сақланып қалмақта

Шолыў
Бүгин ҳәр қыйлы көринистеги экологиялық машқалалар инсанияттың өмири ҳәм денсаўлығына, азық-аўқат қәўипсизлигине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпекте. Әтирапымыздағы бул машқалаларды сапластырыў, олардың ақыбетлерин жумсартыў, бәринен бурын, инсанлардың экологиялық мәденияты менен тығыз байланыслы.
Сонлықтан мәмлекетимиз басшысының усы жыл 15-май күни «2030-жылға шекемги дәўирде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған бола, 2030-жылға шекемги дәўирде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў Концепциясы ҳәм оны нәтийжели әмелге асырыў бойынша «жол картасы» тастыйықланды.

Бул Концепцияның мазмуны ҳәм бүгинги күндеги әҳмийети, онда белгиленген ўазыйпалар бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының ағзасы Моҳира Хўжаева өз мүнәсибетин билдирди:

– Жаңа редакциядағы Конституциямызда мәмлекет пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын тәмийинлеўи белгилеп қойылды. Мәмлекетимизде халықтың усы конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыў, глобал раўажланыў ҳәм климат өзгерислери менен байланыслы экологиялық машқалалардың алдын алыў ҳәм сапластырыў мақсетинде системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Бирақ, избе-из илажларға қарамастан, елимизде экологиялық ҳуқықбузарлықлар даўам етпекте. Ашынарлысы, пуқаралардың елатлы пунктлердиң санитариялық жағдайына, исбилерменлик субектлериниң болса қоршаған орталыққа унамсыз тәсири сақланып қалмақта. Бундай жағдайлар жәмийетте экологиялық мәдениятты арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларда избе-излик жоқ екенлигин, шаңарақ, мәҳәлле ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының қатнасыўын жеткиликли тәмийинленбегенин көрсетпекте.
Президентимиздиң «2030-жылға шекемги дәўирде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған Концепция ҳәм оны нәтийжели әмелге асырыўдың «Жол картасы» ҳәзирги ўақытта қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжет болды. 73 анық илажларды өз ишине алған «Жол картасы»нда 2025-2026-жыллар даўамында халықтың экологиялық мәдениятын арттырыўда системалы жумысларды әмелге асырыўдың анық мақсет ҳәм ўазыйпалары белгиленгени, сондай-ақ, бул ўазыйпалардың жуўапкер уйымлары ҳәм қаржы дәреклери анық көрсетип өтилгени тараўда жақсы нәтийжелерге ерисиўде әҳмийетли есапланады.
«Жол картасы» ҳәр еки жылда ислеп шығылатуғын ҳәм избе-из даўам ететуғын тийкарғы илаж болып қалатуғынын атап өтиў керек.
Қарарға муўапық, 2030-жылға шекем мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң 3,3 миллион тәрбияланыўшысында, 4,2 миллион мектеп оқыўшысында, 400 мың орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў системасы шөлкемлериниң оқыўшысында және 1,9 миллион студентте экологиялық мәденияттың жоқарылаўына ерисиў мақсет етилген. Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар, кәрхана ҳәм мәкемелер хызметкерлериниң тийкарғы бөлеги, яғный 90 процентинде экологиялық мәденият арттырыўға ерисиў белгиленген.
Концепцияда өз көринисин тапқан ўазыйпаларды орынлаў ҳәм алға қойылған мақсетке ерисиўде, бәринен бурын, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыўдың ҳуқықый базасын беккемлеў, кадрлар потенциалын арттырыў, сондай-ақ, жәмийеттиң барлық буўынында – шаңарақта, мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасы шөлкемлеринде, кәсиплик билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириўде, жоқары билимлендириўден кейинги басқышта, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде, мәҳәллелерде анық системалы илажларды әмелге асырыў белгилеп берилген.
Халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў Концепциясының тийкарғы мақсети өсип киятырған жас әўладта экологиялық билим, сана-сезим ҳәм мәдениятты қәлиплестириў және раўажландырыў, бул бағдарда тәлим-тәрбия процесин нәтийжели шөлкемлестириў, халықтың барлық қатламларында экологиялық мәдениятты, соның ишинде, «жасыл» тутыныў мәдениятын буннан былай да арттырыўдан ибарат.
Соннан келип шыққан ҳалда Концепцияда ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға, «жасыл тутыныў» мәдениятының күнделикли қағыйдаларын билиў, тәбийғый ресурсларды зая етпеў сыяқлы халқымыздың миллий қәдириятларын үгит-нәсиятлаўшы үгит-нәсият жумысларын системалы түрде әмелге асырыў ўазыйпалары белгиленген. Бул бағдарда пуқаралық жәмийети институтларының белсендилигин қоллап-қуўатлаўдың анық финанслық дәреклери көрсетилди.
«Жасыл тутыныў» мәденияты бәринен бурын, пуқаралардың экологиялық жуўапкершиликти сезинип жәмийетте жүриў, «жасыл өсим» принциплери тийкарында тәбийғый ресурслардан (суў, жер, жер асты байлықлары, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы, атмосфера ҳаўасы) пайдаланыў ҳәм оларға абайлы қатнаста болыў және тутыныў мәдениятын раўажландырыўды өз ишине алады. Бул пазыйлетлерди инсанның жаслығынан-ақ санасына сиңдириў өз нәтийжесин бериўи мүмкин.
«Жасыл тутыныў» мәденияты мәмлекетимиз халқының экологиялық мәдениятын жоқарылатыў тутас системасының тийкарғы элементи сыпатында тек ғана мәмлекеттиң азық-аўқат ямаса тәбийғый ресурслар қәўипсизлигин емес, ал мәмлекеттиң турақлы экономикасын кепиллеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў Концепциясында белгилеп берилген ўазыйпалардың өз мүддетинде ҳәм сапалы әмелге асырылыўы мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, экономиканы буннан былай да раўажландырыў арқалы мәмлекеттиң турақлы раўажланыўына хызмет етеди.
Концепция ана-тәбиятты қәстерлеп сақлаў, инсанларда қоршаған орталыққа абайлылық пенен мүнәсибетте болыў сезимин қәлиплестириў, халық, әсиресе, жаслардың санасына тәбиятқа муҳаббат руўхын, нызамларға әмел етиў түсиниклерин сиңдирип барыў сыяқлы ийгиликли мақсетлерди жүзеге шығарады. Экологиялық мәдениятты арттырыў бул жәмийеттиң турақлылығы ҳәм саламат келешеги ушын алып баратуғын әҳмийетли жол болып есапланады.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА