“Ҳуқықый эксперт”: Қайтыс болған шахсқа салықтан қарыз хабарнамасы келиўи мүмкин (+видео)

260

Айырым жағдайларда қайтыс болған шахстың салықтан қарыздарлығы бойынша хабарнама оның перзентлерине яки мийрасхорларына жиберилиўи мүмкин.

Тийисли нызамшылыққа муўапық, пуқара қайтыс болғаннан соң, оның мүлки, соның ишинде, салық миннетлемелери де мийрас қурамына киреди. Егер перзентлер яки басқа мийрасхорлар мийрасты қабыл еткен болса, онда марҳумның қарызлары – соның ишинде, айырым салықлар бойынша қарыздарлығы – олар тәрепинен төлениўи керек болады.

Усы мүнәсибет пенен салық уйымлары мийрас қабыл еткен шахсларға рәсмий хабарнама жибериў ҳуқықына ийе. Онда қарыздарлық суммасы, төлеў тәртиби ҳәм мүддетлери көрсетиледи.

Салық эксперти – Дилдора Ҳошимова бул бойынша толық мағлыўмат берди.

ӨзА