Президент сапарлары даўамындағы келисимлер мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет етеди

250

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзМТДП фракциясының гезектеги мәжилисинде бир қатар нызам жойбарлары қызғын додаланды. Мәжилис алдында мәмлекетимиз басшысының Венгрия ҳәм Словенияға сапарларының әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан – Венгрия арасындағы стратегиялық ҳәм көп тәреплемели  бирге ислесиў және де беккемленип, әмелий бирге ислесиў барлық бағдарларда избе-из раўажланып бармақта. Соның ишинде, парламентлер, ҳүкиметлер, уйымлар ҳәм аймақлар дәрежесинде нәтийжели байланыслар жолға қойылған, БМШ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде тығыз бирге ислесип келинбекте. Еки мәмлекет арасында өз-ара саўда көлеми артып атырғаны, экономиканың түрли тармақларында жетекши кәрханалардың кооперациясы күшейип атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан – Венгрия Исбилерменлер кеңесиниң жумысын қайта тиклеў ҳәм жақын ўақытта оның гезектеги мәжилисин өткериў, аймақлараралық байланысларды хошаметлеў мақсетинде Венгрияда екинши форумға пуқта таярлық көриў бойынша ерисилген келисимлер еки мәмлекет арасындағы байланысларды буннан былай да раўажландыратуғыны атап өтилди.

Соңғы 20 жыл даўамында биринши мәрте өткерилген Өзбекстан – Словения арасындағы жоқары дәрежедеги илажларда ерисилген келисимлер де тарийхый әҳмийетке ийе. Ушырасыў даўамында Словенияның жетекши компаниялары менен Санаат кооперациясы бағдарламасын қабыл етиў, сондай-ақ, заманагөй әсбап-үскенелер, санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў, фармацевтика өнимлери, соның ишинде, пал ҳәм шыпалы өсимликлерге тийкарланған дәри ислеп шығарыўды локализациялаў, энергетика объектлерин қурыў ҳәм модернизациялаў бойынша жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

– Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине кириў бойынша Европа Аўқамы мәмлекетлери менен сөйлесиўлер өткермекте. Бул еки мәмлекет Европа Аўқамының ағзасы есапланады. Усы жағынан бул сапар етиўлер, әлбетте, мәмлекетимиздиң ЖСШға тезирек ағза болыўында айрықша әҳмийетке ийе, – деди фракция ағзасы Нодир Тилаволдиев.

Фракция ағзалары тәрепинен ҳәр еки сапар даўамында ерисилген келисимлер мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

 

 

 

ӨзА