Тексериў процесслери қатаң қадағалаўда

Сырт мәмлекетлерден елимизге нызамсыз товарлар кирип келиўиниң алдын алыў арқалы жасырын экономиканың үлесин кескин азайтыў, бажыхана төлемлериниң ставкасы төмен етип белгиленген товарлар нықабы астында жоқары ставкалы товарлардың алып кирилиўине шек қойыў ҳәм халықтың денсаўлығы ушын қәўипли товарлардың еркин айланысын шеклеў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Онда товарларды нәтийжели бажыхана қадағалаўы, атап айтқанда, бажыхана тексериўинен өткериў арқалы ашық-айдынлықты тәмийинлеўдиң әҳмийети жоқары болып есапланады.
Ашық-айдынлық тийкарында экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары О.Махмадалиев Нөкис қаласындағы бажыхана қоймаханаларының биринде бажыхана тексериўи процесслеринде қатнасты.
Исбилерменлик субъектлери ҳәм бажыхана посты хызметкерлери менен товарларды бажыхана тексериўинен өткериўдиң өзине тән өзгешеликлери, бул процесслерде айрықша итибар қаратыў зәрүр болған тәреплер бойынша усыныслар берилди.

Мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниң бириниң атына Германия мәмлекетинен алып келинген 12,3 тонналық “шаўқымнан қорғаўшы чехол” товарлары бажыхана тексериўинен өткерилиўи даўамында жүктиң ҳүжжетлери, муғдары ҳәм сапасы, келип шығыў сертификаты ҳәм товардың ТИФ ТН коды әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң талапларына муўапықлығы қадағаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги