Фракция мәжилисинде әҳмийетли мәселелер додаланды

230

                  

Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясының мәжилиси болып өтти.

Онда фракция ағзалары, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерин аппарат баслықлары, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 16-февральдағы “Республикада азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң есабаты, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-апрельдеги “2024-жылда ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықтың турақ жай шараятларын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министриниң есабаты, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-апрельдеги “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы бойынша Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының есабаты ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Қазиев, Қарақалпақстан Республикасы қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министриниң орынбасары А.Уразымбетов ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Турсуновлардың мәмлекетимиз басшысының жоқарыда атап өтилген пәрман ҳәм қарарлары шеңберинде әмелге асырылған жумыслар бойынша баянатлары тыңланды. Бул мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясының күн тәртибине усыныў бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, бул бағдарда ушырасып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша илажлар белгиленди.

ӨзА