Сенатта халықаралық бирге ислесиўшилер менен ушырасыў болып өтти

212

Олий Мажлис Сенатында парламент жоқары палатасының басшысы Танзила Норбоева Мийрасты қорғаў халықаралық альянсы – АЛИПҲ Кеңесиниң баслығы, Франция Президентиниң кеңесгөйи Бариза Ҳиари менен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Франция арасында еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў, мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди тереңлестириў перспективалары додаланды. Көркем өнер, мәдениятлараралық қарым-қатнас ҳәм тарийхый-мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў бағдарында биргеликтеги басламаларды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жаңа реставрация басламалары, жаслар ҳәм волонтёрларды мийрасты қәстерлеп сақлаўға тартыў бағдарламалары, сондай-ақ, қәнигелердиң профессионал дәрежесин арттырыўға қаратылған қоспа жойбарлар арқалы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары да додаланды.

Ушырасыў шеңберинде жоқары дәрежедеги турақлы еки тәреплеме сөйлесиў ҳәм алмасыўлар тийкарында даўам етип атырған парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине де тоқтап өтилди. Парламентлердиң тийисли комитетлери ҳәм дослық топарлары арқалы бирге ислесиўди жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер еки мәмлекет халықлары арасындағы дослық ҳәм өз-ара аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет ететуғын мәденият, көркем өнер ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнас тараўындағы шерикликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўден өз-ара мәпдар екенин билдирди.

* * *

Сондай-ақ, 26-май күни Сенат Баслығы Танзила Норбоева БМШ Бас хаткериниң орынбасары, БМШ Раўажланыў бағдарламасы администраторының орынбасары Хаолян Цюй менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы арасындағы әмелдеги бирге ислесиўге жоқары баҳа берилди. Бүгинги күнде елимизде улыўма баҳасы 163 миллион АҚШ долларынан аслам 43 жойбар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Бул болса регион мәмлекетлери арасында ең үлкен көрсеткишлерден бири екени атап өтилди.

Бул жойбарлар жаслардың санлы саўатлылығын арттырыў, ҳаял-қызларды экономикалық қоллап-қуўатлаў, денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаў, мәмлекетлик хызметлердиң сапасын жақсылаў сыяқлы әҳмийетли бағдарларды қамтып алған.

Тәреплердиң 2021-2025-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде шерикликти буннан былай да тереңлестириўге садықлығы атап өтилди. Экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў, гендер теңликти алға қойыў ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў сыяқлы тийкарғы бағдарларға айрықша итибар қаратылды.

* * *

26-май күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Балалар қоры (ЮНИСЕФ) атқарыўшы директоры Кетрин Рассел менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасында балалардың ҳуқықларын қорғаў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў, ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў, инклюзив ҳәм сапалы билимлендириўди енгизиўге қаратылған бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Имканияты шекленген балаларды социаллық қорғаў, инклюзив жойбарларды әмелге асырыў, тараўда кадрлар таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған халықаралық форумлар менен илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша биргеликте әмелге асырылатуғын жумысларды жеделлестириўден өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.

Ушырасыў жуўмағында әмелий жойбарларды әмелге асырыў арқалы Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасында конструктивлик ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги