Район халқы пиллешиликте белсендилик көрсетпекте

321

Әмиўдәрья районында наўқан қуртын бағыў ҳәм пилле жетистириў тараўы жедел раўажланып, республикадағы ең белсенди аймақлардан бири сыпатында тән алынбақта. Быйылғы жылы пилле жетистириў режеси 296 тонна болып, 2658 шаңарақта 4936 қуты наўқан қурты тәрбияланбақта, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Әсиресе, Дўрман аўылы халқы пиллешиликти орайласқан система тийкарында шөлкемлестириўге ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге айрықша итибар бермекте. Ҳәр жылы аўылда бәнт болмаған ҳаял-қызлар бос турған имаратларда наўқан қуртын бағыў менен шуғылланып, дәрамат дәрегин кеңейтпекте.

Усы жылдың дәслепки айларында 15 ҳаял-қыз 20 қуты наўқан қуртын тәрбиялап, пилле жетистириў процесинде белсендилик көрсетпекте.



Район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ф.Юсупов пиллешиликти раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген жумыс процесине барып, пиллешилик тек ғана экономикалық пайда дәреги емес, ал ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жумыс орны екенин атап өтти. Бул тараў хызметкерлериниң мийнети айрықша қәдирленетуғынын билдирди.

Илаж даўамында пиллешилик пенен шуғылланып атырған белсендилер ҳәм тәжирийбели пиллекешлер сапалы өнимлери ушын естелик саўғалары менен сыйлықланды. Олардың арасында узақ жыллардан берли наўқан қуртын тәрбиялаў менен шуғылланып киятырған нураний аналар да болып, бул итибар оларды және де мийнетке илҳамландырмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги