Халықтың турмыс тәризи ҳәм социаллық объектлер үйренилди

274

Төрткүл районы ҳәкими И.Худайбергенов ҳәм тийисли шөлкемлердиң жуўапкерлери район орайынан узақта жайласқан “Пахтаабад” аўыл пуқаралар жыйынында болып, халықтың турмысы ҳәм социаллық инфраструктура менен жақыннан танысты, – деп мағлыўмат береди Төрткүл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Сапар даўамында ҳәким халықтың турмыс тәризин, қыйтақ жерлерден пайдаланыў жағдайын, сондай-ақ, аймақтағы 48-санлы улыўма орта билим бериў мектеби, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, аўыллық шаңарақлық поликлиника ҳәм саўда орынларының жумысын көзден өткерди.

Сондай-ақ, қыйтақ жерлерден пайдаланыў жағдайына айрықша итибар қаратты. Ҳәким қыйтақ жерлерден өнимли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен танысып, бул бағдарда бир қатар тапсырмалар берди.

Буннан тысқары, жуўапкерлер “Жамбасқала” аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы, узақ жыллардан берли аўыр кеселликке шатылған, 1957-жылы туўылған Базаргүл ана Ертокаева шаңарағында болып, ана менен қызғын сәўбетлести ҳәм оның денсаўлығынан хабар алды.

Төрткүл районында әмелге асырылып атырған бундай жумыслардың мақсети – жергиликли халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, орынларда социаллық хызметлер ҳәм инфраструктураны жетилистириў арқалы олардың турмысын жақсылаў болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги