Мадияр Данияров Таиландта медаль ушын беллеспекте

284

Таиланд пайтахты Бангкок қаласында бокс бойынша Thailand Open халықаралық турнири болып өтпекте.

Оған бокс спорты раўажланған дүньяның көплеген мәмлекетлеринен күшли боксшилер қатнаспақта.

Сол спортшылар арасында Өзбекстан сайланды командасы қурамында -60 кг салмақта республикамыз ўәкили Мадияр Данияров та табыслы түрде қатнаспақта.

Атап айтқанда, ол жарыстың дәслепки басқышында украиналы Власиук Максимни 3:2 есабында жеңген болса, бүгин филлипинли Жон Наполести 5:0 есабында жеңип, кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Боксшимизге алдағы беллесиўлерде де әўмет яр болыўын тилеп қаламыз!

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы