Туризмди раўажландырыўға кең имканиятлар ашылмақта
Соңғы жыллары Президентимиздиң айрықша итибары менен республикамызда ҳәр бир тараўды раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Мәмлеккетимизде туризм тараўына тийисли қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың талапларының орынланыўы бойынша жумыслар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, Президентимиздиң 2024-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасында қосымша имканиятларды иске қосып, инвестицияны көбейтиў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыў, 2025-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерген мәжилисиндеде туризм тараўын раўажландырыў бойынша және де кең түрде тоқтап өткен еди.
Ҳәзирги ўақытта экономиканың басқа тармақлары қатары туризм тараўы да раўажланып, мәмлекетимиз ҳәм шет ел саяхатшылар ағымын көбейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, саяхатшылық объектлери инфраструктурасы раўажланып, туристлер ушын турар жайлар көбеймекте: ири мийманханалар, жатақханалар ҳәм шаңараққа тийисли қонақ үйлери менен бир қатарда жаңа туристик жөнелислер ислеп шығылып атыр. Туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қытай, Корея, Бельгия, Россия, БАӘ, мәмлекетлеринде өткерилген халықаралық көргизбелерде аймақтың туризм потенциалы көрсетилди. Ишки туризмди ғалабаластырыў бойынша жойбарлар әмелге асырылып, шет ел саяхатшылар ағымын көбейтиў илажлары көрилмекте. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Рас-аль-Хайма Әмири Шайх Сауд бин Сакр Ал Қосимий менен ушырасты. Онда Қарақалпақстанның жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы ҳәм экономикалық потенциалы, өзине тән географиялық жайласыўы, туризм, аўыл хожалығы ҳәм санаат тараўындағы имканиятлары атап өтилди. Сондай-ақ әҳмийетли жойбарлар үстинде шериклик мүнәсибетлерин орнатыў бойынша келисип алынды ҳәм 20 ға жақын сырт ел компаниялары менен 100 млн. долларлық экспорт бойынша шәртнамаларға қол қойыў бойынша келисимлерге ерисилди. Соңғы жыллары елимизде туризмди мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айландырыў арқалы сырт ел инвесторлары, әсиресе араб мәмлекетлериниң инвесторлары менен бирге ислесиў имканиятлары кеңеймекте. Үстирт платосы экологиялық ҳәм экстремал туризм ушын жүдә қолайлы болып, бул потенциаллы инвесторлар ушын қызықлы бағдар болыўы мүмкин. Усы көзқарастан, Қарақалпақстанда этнотуризм, экотуризм ҳәм экстремал туризм потенциалын раўажландырыў айырықша әҳмийетке ийе. Елимиз өзиниң бай тарийхы ҳәм мәдений мийраслары менен туристлер ағымын тарта алады. Усының менен бирге, мәдений мийраслар, археологиялық, тарийхый естеликлеримиз, усы ўақытта аймағы экологиялық кризис аймағына айналған Арал теңизи де дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын өзине тартып атыр. Бул бағдардағы экотуризм Арал бойының туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўшы факторлардан бирине айланып атыр. 2024- жылда Республикамызға келген туристлер саны 2,2 миллионды қураған болса, соннан 200 мыңы сырт елден келген туристлерди қураған. Тийкарынан, 2025-жылда республикаға келген туристлер санын 3 миллионға, соннан сырт елден келген туристлер санын 400 мың, жергиликли туристлер санын 2,6 мыңға жеткериў, туризм хызметлери экспортын 50 млн долларға жеткериў режелестирилген. Ҳүрметли Президентимиздиң туризм ҳәм мәденият тараўына қаратылған айрықша итибары нәтийжесинде қолайлы шараятлар жаратылып, елимизге келиўши туристлер саны жылдан-жылға көбейип бармақта. «BBC Travel» глобал медиа порталының мағлыўматларына қарағанда, Өзбекстан 2025-жылы саяхат етиў ушын ең жақсы 25 бағдар дизимине кирди. Буннан тысқары, 90 нан артық мәмлекет соның ишинде, Уллы Британия, Канада ҳәм Австралия пуқаралары Өзбекстанға визасыз келиўи мүмкин екенлиги саяхатты сезилерли дәрежеде аңсатластырады ҳәм туристлер ушын жаңа имканиятлар есигин ашады.
С. Сулайманов, т.и.д (DSc) доцент.
М.Кайпова, PhD.
Қарақалпақсатан хабар агентлиги