Қыйтақ жер ийелерине жәрдем көрсетилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң Қоңырат районлық бөлими инспекторлары тәрепинен де көшпели лаборатория қәнигелери менен райондағы фермер хожалықларының ғәлле ҳәм ғаўаша атызларында фитосанитариялық мониторинг өткерилип, өнимлерден үлгилер алынды ҳәм агентликтиң көшпели лпбораториясында тексериўден өткерилди.
Дәслеп қәнигелер Қоңырат АПЖда жасаўшы пуқаралардың қыйтақ жерлери, мийўели бағ ҳәм ыссыханаларында мониторинг өткерип, өсимлик зыянкеслери ҳәм кеселликлерине қарсы гүресиў бойынша өз усынысларын берди. Қыйтақ жер ийелериниң атызларында өсип турған өнимлерден үлгилер алынып, лабораториялық тексериўлер әмелге асырылды. Агентлик тәрепинен ҳәр түрли өнимлердиң зыянкеслери ҳәм кеселликлериниң алдын алыў ҳәм қарсы гүресиў бойынша таярланған буклет ҳәм флаерлер тарқатылды.
– 28 сотих қыйтақ жерим бар. Мийўе, баў-бағша, палыз егинлериниң ҳәммесин усы жеримнен өндирип аламан. Қудайға шүкир, алма, ерик, шийе, алмурт, шабдал, қәрели, жүзим, гешир, картошка, баклажан, помидор, қыяр ҳәммесин өзлеримиз егип аламыз. Базардан дерлик зат сатып алмаймыз. Мийўелерди ақлықларыма усы атыздан үзип алып жегизгенди жақсы көремен,-дейди АПЖ турғыны Сабит Чаўдырбаев. – Карантин агентлиги қәнигелери келип, зыянкес ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў бойынша өз усынысларын берип турады. Әсиресе, агентликтиң «Агрокўмакчи» мобиль қосымшасы маған жақыннан жәрдемши болмақта. Билмегенимди соннан үйренип атырман.
Соң районда хызмет етип атырған биолабораториялар тәрепинен жетистирилген алтынкөз, трихограмма ҳәм бракон сыяқлы пайдалы энтофомагларды атыз майданларына тарқатыў, феремон тутқышларды мониторинг етиў ҳәм басқа да биологиялық қарсы гүрес илажлары өткерилип, дийқан-фермерлерге ҳәм бағманларға биологиялық гүрестиң абзаллықлары ҳаққында үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Биологиялық усылдың абзаллығы сонда, қоршаған орталыққа зыян келтиретуғын химиялык қураллардан пайдаланбастан көп түрлиликти сақлаў, экосистеманы жақсылаў, топырақ өнимдарлығын арттырыў арқалы инсанлар саламатлығын қорғайтуғын органикалық, сапалы мол өним жетистириўге ерисиў мүмкин.
Бүгинги күнде Қоңырат районында аўыл-хожалығы егинлерининиң зыянкеслерине қарсы гүресиўде биологиялық усылды кең қолланыў мақсетинде 3 биолаборатория хызмет көрсетпекте.

Ҳәзирги күнде усы хожалықларда жетистирилген биоөнимлер атызларға лаборатория хызметкерлери тәрепинен профилактикалық ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў мақсетинде тарқатылмақта.
Сондай-ақ, Қоңырат дийқан базарындағы сатылып атырған палыз өнимлери нәллериниң фитосанитариялық тазалығын тәмийинлеў мақсетинде агентликтиң районлық бөлими қәнигелери тәрепинен мониторинг өткерилип, алынған үлигилер тийкарында көшпели лабораторияда тексерилгеннен соң тийисли жуўмақлар берилди.
Көшпели лаборатория хызмети арқалы ҳәттеки, шегара аймақларында да импорт ҳəм экспорт етилип атырған аӯыл хожалығы өнимлерин карантин тексериӯлеринен өткергенде зыянланған өним ҳаққында лаборатория шешимин көрсетиӯ имканияты жаратылды. Бул болса зыянлы организмлерди өз ўақтында анықлаў ҳәм мəмлекетимизге кирип келиўиниң ҳәм тарқалыӯының алдын алыӯда үлкен əҳмийетке ийе. “Әҳмийетли 30 күнлик” илажы орынларда нәтийжели даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги