«Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жеңимпазлары сыйлықланды

Бозатаў районында спорттың футбол ҳәм киши футбол түрлери бойынша ер балалар ҳәм қызлар арасында өткерилген «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жарысларының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен соңғы жыллары елимизде Президентимиз тәрепинен спортқа, соның ишинде жаслардың спорт пенен шуғылланыўына қаратылып атырған итибар ҳәм олар ушын жаратылған шараятларды кең түрде айтып өтип, буннан жасларымыз нәтийжели пайдаланып халықаралық майданларда үлкен табысларды киргизип атырғанлығын мақтаныш етти ҳәм жарыс жеңимпазларын ерискен жетискенликлери менен қутлықлады.
Өткерилген жарыслар соңында футбол бойынша ерлер арасында, Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны жаслары биринши орынды жеңип алыўға миясар болды. Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, Көксуў ҳәм Қусханатаў елатларының командаларына несип етти.

Спорттың киши футбол түри бойынша өткерилген ойынлар жуўмағында болса, Бозатаў посёлкасы жасларынан дүзилген командаға тең келетуғын қарсылас табылмады. Екинши ҳәм үшинши орынларды болса, Еркиндәрья ҳәм Қусханатаў АПЖ жаслары жеңип алды.
Қызлар арасында өткерилген ойынларда болса, Еркиндәрья елатының қызлар командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды. Екинши ҳәм үшинши орынларды Бозатаў посёлкасы ҳәм Қусханатаў АПЖ қызлары командалары жеңип алыўға миясар болды.
Спорт жарысларында жеңимпаз болған командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, кубок, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы