Есабат конференциясы өткерилди

Алдын хабар берилгениндей, орынларда кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң соңғы бес жыл даўамында әмелге асырған жумысларының есабат-сайлаў конференциялары, алдағы ўазыйпаларды белгилеў бағдарындағы мәжилислери даўам етпекте.
Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен шөлкеминиң II Конференциясы болып өтти.
Конференцияда Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң шөлкемлестириў ислери бойынша бас қәнигеси Ж.Арипов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ҳәм басқалар қатнасты.
Конференцияда 2020-жыл декабрь айынан 2025-жыл май айына шекемги дәўирдеги жумыслары бойынша Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Жеңисбай Аяповтың мәлимлемеси тыңланды.
Буннан соң бирлескен комитеттиң тексериў комиссиясының 2020-жыл декабрь айынан 2025-жыл май айына шекемги болған дәўирдеги есабаты тыңланды.
Конференцияда ҳәр еки есабат “қанаатландырарлы” деп табылды ҳәм тастыйықланды.

Ашық даўыс бериў жолы менен Жеңисбай Аяпов Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы етип қайта сайланды.

Буннан соң бирлескен комитеттиң жаңа қурамы сайлап алынды.
Конференция жуўмағында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ҳәм Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң шөлкемлестириў ислери бойынша бас қәнигеси Ж.Ариповлар делегатларға Өзбекстанда кәсиплик аўқам ҳәрекетиниң 120 жыллығы алдынан әмелге асырылып атырған халықаралық илажлар ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының басып өткен тарийхый жолы ҳәм жумысы ҳаққында мағлыўмат берди. Пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги