Жас атлетлер ушын сынақ майданы

230

Тахтакөпир районында жеңил атлетика бойынша 15-17 жастағы жас өспиримлер арасында «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» спорт жарысларының  аймақлық басқышы болып өтти.

Жарысқа Тахтакөпир, Қараөзек, Кегейли, Шымбай ҳәм Бозатаў районларынан жас атлетлер қатнасты, бир қатар бағдарлар бойынша өз-ара кескин гүрес алып барды.

Қызықлы өткен беллесиўлер жуўмағында, майдан ийелери есапланған тахтакөпирли спортшылар өз қарсыласларынан басым келип, көпшилик бағдарлар бойынша жеңимпазлықты қолға киргизди.

Атап айтқанда, ядро ылақтырыў бойынша ерлер арасында Асылбек Полатбеков, қызлар арасында Гүлдана Өмирбаева, найза ылақтырыў бойынша Жасурбек  Полатбеков, 100 метрге қызлар арасында тосықлар аса жуўырыўда Айсара Базарбаева, узынлыққа секириўде  қызлар арасында Жасмина Шерипбаева, ерлер арасында Атабек Назаровлар биринши орынды ийелеп, алтын медаль ийесине айланды.

Бийикликке секириўде ерлер арасында қараөзекли Бабаяр Бердиханов, қызлар арасында бозатаўлы Балаўса Оразбаева, үш атлап секириўде ерлер арасында Айбек Абдуллаев, қызлар арасында шымбайлы Жипек Лепесова ҳәм найза ылақтырыўда қызлар арасында қараөзекли Албина Аралбаевалар жеңимпазлықты қолға киргизди.

Өткерилген жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланып, «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» спорт жарысларының  Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы