Экологиялық жағдайды жақсылаў мәселелерине әҳмийет қаратылды

317

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Халықаралық Жасыл климат фондының атқарыўшы директоры Мафалда Дуарте менен ушырасты. 

Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегацияның Корея мәмлекетине сапары даўамында фонд пенен жақын шерикликти орнатыў ҳәм бирге ислесиў бойынша келисип алынып, фонд ўәкиллери Қарақалпақстанға мирәт етилгенин атап өтиў орынлы. Бул ушырасыў мине усы орнатылған қатнасықларды беккемлеў бағдарындағы әҳмийетли адымлардың бири есапланады.

Өткерилген ушырасыўда соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында Аралбойы регионын раўажландырыў, аймақтағы экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў, пуқаралардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде сөз етилди.

Сондай-ақ, Аралбойы регионында халықтың жасаў шараятын жақсылаў, экологиялық тәсирлерди жумсартыў мақсетинде халықаралық донор шөлкемлериниң грант қаржыларын тартыў, регионда экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша бирге ислесиўшилердиң тәжирийбеси тийкарында инновациялық шешимлерди табыў мәселелери ҳаққында сөз барды.

Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди ҳәм бирге ислесиўди еле де кеңейтиў, бар мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, грант қаржыларын тартыў бойынша өз-ара байланысларды еле де беккемлеў бағдарында пикирлерин билдирди.



Ушырасыў жуўмағында Жоқарғы Кеңес Баслығы бирге ислесиўди еле де кеңейтиў бағдарында барқулла пикирлесиўге таяр екенлиги ҳәм ҳәр қандай басламалар қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.

Соң Халықаралық Жасыл климат фондының ўәкиллери бул бағдарда республикамызда әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги