Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Мәресимде шығып сөйлегенлер Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң шөлкемлестирилгени келешекте тараўда жетик кадрлар таярлаў бағдарында және бир әҳмийетли қәдем болғанын атап өтти.

Илажда университет ректоры Ш.Қудратхўжаев жыйналғанларды қызғын қутлықлап, бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллерине сертификатлар тапсырды.

Мәресимде Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетин таныстырыўға бағышланған фильм көрсетилди.

…Толқынландыратуғын мәўритлер. Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң салтанатлы ашылыў мәресиминиң ленталары кесилди.

– 2018-2019-жаңа оқыў жылы салтанатлы басланды, – дейди Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети Интернет журналистикасы ҳәм социаллық тармақлар факультетиниң деканы Нозима Муратова. – Оқыў аудиторияларының ҳәр биринде медиа өнимлерди жеткерип бериў, көриў имканияты жаратылған, сабақлар кестеси де электрон тәризде жолға қойылған. Бакалавр басқышында 8, магистратура басқышында 9 бағдарда студентлеримиз билим алады.

– Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген усы университеттиң студенти болыў бахтына миясар болдым, – дейди Дилшода Олимова. – Келешекте өзбек журналистикасын дүньяға танытатуғын жетик кадр болып жетисиўге бар күшимди жумсап, ҳәрекет етемен.

Ашылыў мәресиминен соң мийманлар университетте әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары, жаратылған шараятлар менен танысты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувоҳидов шығып сөйледи.

И.АҲАДОВА,

ӨзАның хабаршысы