Нәтийжели ушырасыўлар ҳәм әҳмийетли келисимлер

242

Мүнәсибет

Арал бойындағы климат шараятын жақсылаў бойынша соңғы жыллары мәмлекетимизде Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамқорлығы нәтийжесинде жүдә үлкен бағдарламалар ислеп шығылды. Айрықша соны атап өтиўимиз керек, соңғы жети жылда Арал теңизиниң қурыған түбиндеги 1,9 миллион гектарда жасыл қапламалы тоғайзарлар жаратылды. Экосистеманы жақсылаў, шорланған, суўсыз шәраятда жаңа сорт ҳәм туқымларды жаратыў ушын Аралбойы халықаралық инновация орайы шөлкемлестирилди. Әлбетте бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң тиккелей басламасы менен 2021-жылы май айында БМШ Бас Ассамблеясының Аралбойы регионын инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққындағы резолюциясының қабыл етилиўи де үлкен әҳмийетке ийе болды.

Хақыйқатында да соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы менен Қарақалпақстанда бизнес ушын жаратылған имканият ҳәм шараят басқа ҳеш бир аймақта жоқ. Сонлықтанда кейинги жыллары Қарақалпақстанға инвестициялар кирип келиўи де сезилерли дәрежеде өсти.  Буның ушын аймақта кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соңғы бес жылда санаат, исбилерменлик ҳәм инфраструктура тараўларында 50 ден артық имтияз ҳәм жеңилликлер берилген. Атап айтқанда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын тиккелей жер ажыратыў ҳуқықы тек ғана Қарақалпақстанда енгизилген болып, бул өз гезегинде инвесторлар ушында үлкен имканият жаратпақта. Әсиресе қуны 50 миллиард сумнан жоқары проектлерге инфраструктура да тартып берилмекте.

Бунда Бирлескен Араб Әмирликлери компаниялары да айрықша орынды ийелейди.

Бирлескен Араб Әмирликлеринде әмелий сапар менен барған Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы да Әмирликтиң бир қатар ири компаниялары ўәкиллери менен ушырасып, региондағы климат шараятларын жақсылаў, әсиресе қурғакшылықты жумсартыў, суўсызлық ақыбетлерин сапластырыў бунда Әмирлик тәжирийбелерин үйрениў мәселелерине айрықша итибар каратты.

Әсиресе Қарақалпақстан делегациясының Бирлескен Араб Әмирликлери Миллий метеорология орайы Бас директоры Абдулла Ахмед Ал-Мандус пенен ушырасыўында метеорологиялық ҳәм климатлық бақлаўлар базасын жаратыў, Аралбойы аймағының қурғақшылық климаты шараятында жаўын-шашынды модификациялаў технологияларын енгизиў бойынша мәселелер талқыланды. Сөйлесиў нәтийжелери бойынша «Жол картасы» ислеп шығылыўы ҳәм Миллий метеорология орайы жуўапкерлериниң Өзбекстан, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасына сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды. Әлбетте бул келисимлер келешекте Қарақалпақстан ықлым шараятларын турақластырыўда айрықша әҳмийетке ийе болады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы делегацияның «Tatweer Holding» компаниясы басшылары менен ушырасыўы да нәтийжели болып, онда блокчейн жойбарларын әмелге асырыў, жоқары тезликтеги интернет ҳәм дата орайларына ийе технопарклерди ҳәм блокчейн технологиялары бойынша оқыў орайларын шөлкемлестириў мәселелери кең додаланды. Соңғы жыллары Өзбекстанда хабар технологиялары тараўы жедел раўажланып, IT тараўларына айрықша әҳмийет қаратылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстанда IT-парк резидентлери саны соңғы үш жылда үш есеге асып, бүгинги күни 200 ге жакын резидентлер өз искерлигин алып бармақта. Бунда Бирлескен Араб Әмирликлери компанияларының қатнасыўыда тараўдың жоқары дәрежеде раўажланыўына имканият жаратады.

Делегацияның әмелий сапары даўамында «Халифа Бин Зайед Ал Наҳаян» фонды басшылары менен ушырасыў өткерилип, сөйлесиўлер даўамында Нөкис қаласында қурылып атырған «Аналар ҳәм балалар орайы»н иске қосыўды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды. Ушырасыў нәтийжелери бойынша тийисли жуўапкерлер менен биргеликте әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша «Жол картасы» ислеп шығылып, жуўапкерлер белгилеп алынды. Бунда Қарақалпақстанда денсаўлкты сақлаў әсиресе аналар ҳәм балалар өлимшилигиниң алдын алыў, ҳалықтың репродуктив саламатлығын жәксылаўда Ҳурметли Президентимиздиң айрықша тапсырмалары менен Бирлескен Араб Әмирликлери компаниялары менен келисимлер дүзилди.

Абу-Даби (ADFD) раўажланыў фондының басшылары менен ушырасыўда Қарақалпақстанда қоспа технопарклер, оқыў орайларын ашыў, жол қурылысы, экологиялық жағдай, суў тәмийнатын жақсылаў, аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўде қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Сондай-ақ, регионның ең үлкен аўыр машқаласы Арал теңизиниң Батыс бөлимин сақлап қалыў мәселелери додаланды.

Өзбекстанның арқа-батыс аймағы жүдә көплеген жер асты ҳәм жер үсти байлықларына ийе болып, оларды қайта ислеў ҳәм халқымыз мәпине жумсаў бойынша соңғы жыллары көплеген әмелий жумыслар иске асырылды. Жоқарғы Кеңес делегациясы ағзаларының «ADQ» компаниясы менен ушырасыўында санаат әҳмийетине ийе болған пайдалы қазылмалардың перспективалы аймақларын биргеликте өзлестириў ҳәм тараўға инвестицияларды тартыў мәселелери додаланды. Абу-Даби саўда-санаат палатасы басшылары менен де узақ мүддетли тиккелей инвестицияларды тартыў ҳәм комплексли жойбарларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Сондай-ақ «ADNOC Gas» басшылары менен өткерилген сөйлесиўлер даўамында газды қайта ислеў ҳәм суйылтырылған тәбийғый газ ислеп шығарыў тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Әлбетте бул сөйлесиўлер республикамызға инвесторлардың кирип келиўи, жаңа өндирис орынлары ҳәм кәрханалардың қурылыўы буның нәтийжесинде жаңа жумыс орынларынын жаратылыўы, халқымыздың пәраўан турмысын тәмийнлеўде үлкен әҳмийетке ийе болады.

 

Саламат Сулайманов,

ҚМУдың тарийх факультети деканы,

тарийх илимлериниң докторы, профессор ў.а.

Қарақалпақстан хабар агентлиги