Сапар шеңбериндеги ушырасыўларда әҳмийетли келисимлерге қол қойылды

261

Алдын хабар берилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясының Әмирликлерге сапары даўам етип, Қарақалпақстан делегациясы ENOC (Emirates National Oil Company) Бас атқарыўшы директоры Саиф Ал Фаласи менен ушырасты.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жылларда Президентимиздиң итибары менен республикамызда инвестиция орталығын жақсылаў, исбилерменлерге қолайлықлар жаратыў бойынша жаратылған имканиятлар, Қарақалпақстанның экономикалық, транспорт-логистика ҳәм ресурс потенциалы ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Ушырасыўда компания менен мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында бирге ислесиўди жолға қойыў, стационар ҳәм мобиль түрде электростанциялар қурыў ҳәм оларды Elink санлы системасына байланыстырыў арқалы орайлық басқарыўды жолға қойыў, сервис хызметлерин шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Буннан соң, 50 ден аслам мәмлекетте жумыс алып барып атырған Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) басшылары менен ушырасыў өткерилди.

Онда орайдың суўды үнемлеўши технологиялар, шорланған жерлерди тиклеў, агротехникалық инновациялар, санластырылған дийқаншылық ҳәм ыссыхана шешимлери тараўындағы жумыслары және генетикалық изертлеўлер, жас қәнигелер таярлаў сыяқлы жумыс бағдарлары бойынша пикирлесилди.

Сондай-ақ, ICBA менен биргеликте Қарақалпақстанда қоспа илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў, соның менен бирге, шорланыўға қарсы гүресиў бойынша халықаралық грантларды тартыў имканиятлары кеңнен додаланды.

Сапар даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Envirol компаниясы ўәкиллери менен де ушырасты.

Онда компанияның шығындыларды қайта ислеў, санлы технологияларды ен жайдырыў ҳәм басқа да бағдарлардағы тәжирийбеге ийе екенлиги атап өтилип, Қарақалпақстанда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында канализация системаларын модернизациялаў, санаат жойбарлары үстинде бирге ислесиў бойынша пикирлесилди.

Ушырасыўлар даўамында Қарақалпақстан делегациясы ҳәм халықаралық шериклер арасында, соның шинде БАӘниң Bell Engineering Software Technologists ҳәм FAMESA Chemical FZE (Owned by CADEX Group),  Bell Engineering Software Technologists ҳәм Amsterdam Clinic, Bell Engineering Software Technologists and PetroSole Oil Field Services компаниялары менен улыўма баҳасы 660 млн. доллар болған келисимлерге қол қойыў мәресими өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Рас-аль-Хайма Әмири Шайх Сауд бин Сакр Ал Қосимий менен ушырасты.

Онда Қарақалпақстанның жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы ҳәм экономикалық потенциалы, өзине тән географиялық жайласыўы, туризм, аўыл хожалығы ҳәм санаат тараўындағы имканиятлары атап өтилди. Өзбекстан, соның ишинде, Қарақалпақстанның аўыл хожалығы өнимлерине айрықша қызығыўшылық билдирилип, Қарақалпақстанда бул өнимлерди жетистириў ҳәм жеткерип бериў бойынша турақлы бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери талқыланды.

Буннан соң, дүнья жүзи бойынша ири керамика ҳәм сантехника өнимлерин ислеп шығарыўшылардан бири есапланған RAK Ceramics компаниясы басшылары менен ушырасыў өткерилди.

Дәслеп компания павильонында ислеп шығарылып атырған өнимлер – керамикалық плиткалар, санфаянс, мозаика, интерьер ҳәм экстерьер ушын шешимлер, шийки заттан таяр өнимлерге шекемги толық коммерциялық линия көрип шығылды. Сондай-ақ, локализацияластырылған керамикалық өнимлер ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў мәселелери талқыланды.

Сапар шеңберинде «ASR RENT A CAR» компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў өткерилип, биргеликте жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Компания ўәкиллери менен Қарақалпақстан Республикасында 43 млн. долларлық инвестиция қаржылары тийкарында Моноблоклар ислеп шығарыў жойбарын ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди ҳәм шәртнамаға қол қойылды.

Улыўма ашық ҳәм конструктивлик руўхта өткерилген ушырасыўларда тәреплер өз-ара бирге ислесиў, имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, әҳмийетли жойбарлар үстинде шериклик қатнасықларын орнатыў бойынша келисип алды. 20 ға шамалас сырт ел компаниялары менен 100 млн. долларлық экспорт бойынша шәртнамаларға қол қойыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.