«Соңғы қоңыраў» үлкен турмысқа шақырады

2024-2025-оқыў жылы жуўмағында Қарақалпақстан Республикасында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы 726 мектеп, Президент мектеби, И.Юсупов дөретиўшилик мектеби ҳәм 18 қәнигелестирилген мектеплерин 25 798 оқыўшы питкерип шықпақта. Олардың арасында 537 питкериўши “Алтын”, 179 питкериўши “Гүмис” медальға усыныс етилгени – мектеп билимлендириўи системасындағы пидайы устазларымыздың мийнетиниң нәтийжеси болып есапланады.
«Илим – ең уллы мақтаныш» сүрени астында өткерилип атырған мәдений илажлардың даўамы «PITKERIWSHI PARTY» атамасы менен Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойында болып өтти.
Жаслар майданшасында өткерилген байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм питкериўши жасларды өмириндеги ең бир умытылмас күн есапланған «Соңғы қоңыраў» кешеси менен қызғын қутлықлап, оларды келешекте елимиз ушын аянбай хызмет ететуғын терең билимли, пидайы инсанлар болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.
Илажда республикамыз басшысы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилген, әсиресе, Президентимиз тәрепинен қабыл етилген 213-санлы тарийхый пәрман менен қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде ҳәр жылы қосымша квоталар ажыратылып атырғаны кеўиллерге айрықша мақтаныш сезимлерин бағышлап атырғаны атап өтилди.
Питкериў кешеси көтериңки руўхта концерт бағдарламасы менен даўам етип, жасларымыз шексиз қуўанышқа бөленди.







Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы