Нөкис қаласындағы 31-санлы мектепте де соңғы қоңыраў қағылды

207

Мектепти питкерип жаңа турмысқа қанат қағып атырған быйылғы қарлығашлар ушын да соңғы қоңыраў қағылып, питкериўши жасларды үлкен өмирге қарай узатып салды.

Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде де “Илим ең уллы мақтаныш!” сүрени астында “Соңғы қоңыраў” илажы көтериңкилик руўхта болып өтти.

Онда билимлендириў тараўының жуўапкерлери менен биргеликте, Бажыхана басқармасының жуўапкер басшылары да қатнасып, оқыўшы жасларды байрам менен қутлықлады.

Мектеп оқыўшыларын ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм жас әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал етип камалға келтириўдеги бийғәрез хызметлери ушын бир топар билимлендириў тараўы ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы атынан “Алғыснама” жәрияланды.

Бул мектепте шөлкемлестирилген “Жас бажыханашы” дөгереги жыл даўамында өз жумысын жеделлик пенен алып барып, оқыўшыларды бажыхана тараўы менен жақыннан таныстырды.

Байрам илажы даўамында жыл даўамында усы дөгерек шеңберинде өткерилген теориялық ҳәм әмелий сабақларда белсене қатнасқан, сондай-ақ, шөлкемлестирилген жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизген 7 оқыўшы бажыхана комитети тәрепинен шөлкемлестирилген “Жас бажыханашы” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Илим орайы есапланған мектептен алған тәлим-тәрбия жаслардың келешекте өз орнын табыўында таяныш ўазыйпасын атқаратуғынлығына исенемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги