Кеўиллерге қуўаныш инам еткен «Соңғы қоңыраў»лар

Бүгин елимиздиң барлық аймақларында «Соңғы қоңыраў” сести жаңлап, питкериўши жаслар ана-Мектеплери, мийирман устазлары менен хошласпақта. Бул күн – билим дүньясына биринши қәдем таслаған баслаўыш класс оқыўшылары ушын жаңа басқыштың басланыўы, 11-класс питкериўшилери ушын болса үлкен турмысқа алып барыўшы есик болып есапланады.



Соның ишинде, 2024-2025-оқыў жылы жуўмағында Қарақалпақстан Республикасында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы 726 мектеп, Президент мектеби, И.Юсупов дөретиўшилик мектеби ҳәм 18 қәнигелестирилген мектеплерин 25 798 оқыўшы питкерип шықпақта. Олардың арасында 537 питкериўши “Алтын” медаль, 179 питкериўши болса “Гүмис” медальға усыныс етилгени – халық билимлендириў системасындағы пидайы устазларымыздың мийнетиниң нәтийжеси болып есапланады.
Нөкис қаласындағы 1-санлы мектепте «Илим – ең уллы мақтаныш» сүрени астында соңғы қоңыраў илажы болып өтти.
Салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев қатнасты ҳәм қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм мектеп питкериўшилерин қутлықлады.


Өткерилген илажда Президентимиз тәрепинен елимиздиң келешеги болған жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм имканиятлар атап өтилип, бул имканиятлар тийкарында көплеген жаслар өзлериниң талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарып атырғаны ҳәм көплеген жетискенликлерге ерисип киятырғанлығы сөз етилди.
Буннан соң өз теңлеслери арасында айрықша қәбилети, билими ҳәм үлгили минез-қулқы менен көзге түскен оқыўшылар, олардың ата-аналары ҳәм билим берген устазларына миннетдаршылық билдирилди.

-Быйылғы жылы республикамызда жайласқан мектеплерден 46 питкериўши студент болыў бахтына миясар болды, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Гүлистан Қожабаева.- Олардың 15и сырт елдеги абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелерине мүддетинен алдын оқыўға қабыл етилди. Бул болса жасларымыздың билимге қуштарлығы, излениўшеңлиги ҳәм жоқары мақсетлерге қарай исенимли умтылып атырғанынан дәрек береди.
Илаж байрам салтанаты менен даўам етти.



Қарақалпақстан хабар агентлиги