Сирияда қурғақшылық бийдай өниминиң 75 процентин набыт етиўи мүмкин

434

БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң мағлыўматына бола, быйылғы күшли қурғақшылық Сирия бийдайының дерлик 75 процентин жоқ етиўи, миллионлаған адамлардың қәўипсизлигине қәўип салыўы мүмкин екен.

Шөлкемниң усы мәмлекеттеги ўәкили Тони Еттел «Reuters» агентлигине айтыўынша, усы жылы 2,7 миллион тонна бийдай жетиспеўшилиги күтилмекте. Бул муғдар 16,3 миллион адамды бир жыл даўамында азықландырыўға жетеди.

– Жүдә көп дийқан қурғақшылық себепли зүрәәтинен айырылды, – дейди хызметкер. – Халаб арқасында аўыл хожалығы суўсызлықтан сезилерли дәрежеде зыян көрди. Жаўын-шашын жоқ. Суўғарыў технологиясы ҳәм инфраструктураны жаңалаўға болса қаржы жоқ, деген Эттель.

Қарақалпақстан хабар агентлиги