Планетамызда өмир сүриў даўамлылығы 1,8 жылға қысқарды

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) глобал денсаўлықты сақлаў тараўындағы раўажланыўдың төменлеўи ҳаққында ескертпекте.
Жақында шөлкем CОVID-19 пандемиясының өмир даўамлылығы ҳәм халықтың саламатлығына узақ мүддетли тәсирин ашып беретуғын жаңа есабатын жәриялады.
БМШ сайтында жәрияланған ҳүжжетте айтылыўынша, тек ғана еки жыл ишинде, яғный 2019-2021-жыллар аралығында дүнья бойынша орташа өмир көриў 1,8 жылға қысқарған. Бул заманагөй тарийхтағы көрсеткиш төменлеўиниң ең жоқары дәрежеси болып есапланады.
– Ҳәр бир мағлыўмат тийкарында инсан тәғдири бар – бес жасқа толмай қайтыс болған бала, туўыў ўақтында қайтыс болған ана, алдын алыў мүмкин болған кеселлик себепли өмирдиң қысқарыўы ҳәм басқалар, – дейди ЖДСШ Бас директоры Тедрос Аданом Гебрейесус.
ӨзА