Өткен жума күни Беруний районында Әбу Райхан Берунийдиң туўылғанының 1045 жыллығына бағышланған бир қатар илажлар болып өтти.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп илимпаздың қәбирин зыярат етти. Қуран оқылып, бабамыздың руўхына ҳүрмет көрсетилди.

Буннан кейин район орайында Әбу Райхан Беруний естелигиниң ашылыў салтанаты болды. Оны район ҳәкими А.Сапарбаев кирис сөз бенен ашты. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы ҳәм уллы бабамыз естелигиниң ашылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев 2016-жылы 30-декабрьде елимиздиң бир топар илимпазлары менен болған ушырасыўда «…Илим менен шуғылланыў ийне менен қудық қазғандай, солай екен, бул машақатлы тараўда пидәкерлик мийнет етип атырған илимпазларымыздың мийнети қоллап-қуўатлаўға ҳәм хошаметлеўге ылайық»,-деп атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, бүгинги әўлад ата-бабаларымыздың илимди раўажландырыўдағы, инсанлардың руўхый дүньясын байытыўдағы қосқан үлесин қанша мақтаныш етсе де арзыйды. Себеби, узақ тарийхымызға нәзер таслайтуғын болсақ,  олардың жәҳән цивилизациясындағы орнын ҳеш бийкарлап болмайды. Сөзимиздиң мысалы ретинде, орта әсирлер дәўириниң уллы идеологлары Имам Бухарийдиң, Ҳәким Термизийдиң, Махмуд Замахшарийдиң, Баҳаўаддин Нақшбандтың, Муҳаммед ал-Хорезмийдиң, Аҳмед Ферғанийдиң, Әбиў Әлий Ибн Синоның, Мырза Улығбектиң, Әлийшер Наўайының, соның ишинде, жерлесимиз Әбу Райхан Берунийдиң илимниң раўажланыўына қосқан үлкен үлеслери дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынған.

Изертлеўлерде белгили болғанындай, Беруний бабамыз 973-жылы усы район аймағында туўылған. Жаслайынан астрономия, физика, математика, геодезия, геология, минерология, тарийх пәнлерин терең үйренген.  1035-1036-жыллары уллы алым өзиниң илимий мийнетлериниң дизимин дүзип, оған 113 мийнети киргизилген. Кейинги жыллары және бир қанша мийнетлерин жазған. Солай етип, оның илимий мийрасы улыўма 200 ден аслам китаптан ибарат болған. Тилекке қарсы, оның көпшилиги бизге дейин толық жетип келмеген.

Әбу Райхан Беруний өз дәўиринде дәри-дәрмақларға тәрийп жазған инсан сыпатында да белгили. Минерология бойынша 50 түрдеги металл, қатты затлар ҳәм минераллардың қурамын тәрийплеп жазған, математикалық излениўлер алып барған. Илимий атамаларды бир тилден екинши тилге аўдарыў теориясын ислеп шыққан.

Беруний бабамыздың жерленген жери, яғный, Аўғанстанның Ғазна қаласынан 1997-жылы 18-декабрьде топырағы алып келинип, ҳәзирги Беруний районы аймағына қәбири орнатылды. Бүгинги күни районда уллы илимпаздың бағы ҳәм зыярат етиў комплекси шөлкемлестирилген. Бул жерге елимиздиң түрли түпкирлеринен, ҳәттеки, шет еллерден пуқаралар келип, оның қәбирин зыярат етеди. Бабамыздың «Инсанның камалға келиўиниң ең баслы факторларынан бири, бул илим-билимли болыў, киши жастан баслап мийнетке үйрениў ҳәм тәрбиялы болыў»,-деген даналық пикири бүгинги күни де өзиниң әҳмийетин жойытқан жоқ.

Илажда сондай-ақ, «Беруний әўладлары» жәмийетлик қорының баслығы Қ.Шаниязов, Австралияның Сидней университетиниң профессоры А. Беттс, мийнет ветераны Ә.Тәжиев, райондағы 60-санлы мектептиң оқыўшысы М.Шукуруллаева шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде миллий қәдириятларымызды, уллы бабаларымыз исмин қайта тиклеў, олардың естелигин ҳүрметлеў, Ўатан ҳәм халық азатлығы жолында жанын пида еткен инсанлардың руўхын шад етиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти. Район орайында бой тиклеген бул естелик келешегимиз болған жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе

Илаж қатнасыўшылары бабамыз естелигине гүл шеңберлерин қойды.

Усы күни Жаслар орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. «Жамшид» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен қурып питкерилген бул орайда жас әўладтың терең билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, спорт  пенен шуғылланыўы ушын барлық шараят жаратылған. Еки қабатлы заманагөй имаратта 200 орынға мөлшерленген конференция залы, интернетке жалғанған информатика, шет тиллери ханалары болып, шахмат-шашка, тигиўшилик, сүўрет салыў, мүсиншилик сыяқлы 20 ға шамалас дөгерек ислеп тур.

Райондағы Ашық театрда «Уллы энциклопедист илимпаздың инновациялық идеялары ҳәм жәҳән цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлеси» темасында илимий-теориялық конференция болып өтти. Район ҳәкимлиги,  «Беруний әўладлары» жәмийетлик қоры, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы, оның Қарақалпақстан бөлими, Хорезм Маъмун академиясы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген әнжуманда академик Н.Айымбетов,  Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты археология бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығының биринши орынбасары, профессор М.Қуронов, тарийх илимлериниң докторы Я.Абдуллаева, Хорезм Маъмун академиясының үлкен илимий хызметкери М.Абдуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, район аймағындағы архологиялық естеликлерди сақлаў, оларды қайта тиклеў және пайдаланыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, Әбу Райхан Берунийдиң инновациялық идеялары ҳәм оның жәҳән цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлесине тоқтап өтти.

Илаж шеңберинде шөлкемлестирилген «Қаўын сейили» ярмаркасына райондағы 685 фермер хожалығы тәрепинен жетистирилген палыз өнимлери, соның ишинде, қаўынның бир нешше сорты қойылды. Қатнасыўшылар бири-биринен мазалы Шаббаз қаўынларынан дәм татып көрип, дийқанларымыздың мийнетине жоқары баҳа берди.

Уллы бабамыз туўылғанының 1045 жыллығына бағышланған илаж республика ҳәм район көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.