22-май күни 16 жастағы қызлар арасында футбол бойынша Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Жарысқа Нөкис қаласы ҳәм районлардан жәми 6 команда қатнасты. Қызғын беллесиўлерге бай болған ойынлар жуўмағында, барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған Хожели районы спорт мектеби командасы  Қарақалпақстан чемпионы атағын жеңип алыўға еристи.

Ал, чемпионаттың гүмис ҳәм қола медальллары болса, Нөкис ҳәм Қанлыкөл районлары спорт мектеплери тәрбияланыўшыларына несип етти.




Чемпионат соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы