Дүнья жүзинде ҳаял ушыўшылар бары-жоғы 5% ти қурайды. Бул ҳаққында РИА Новости хабар бермекте.

Халықаралық Авиация ушыўшылары жәмийетиниң мағлыўматларына қарағанда, Ҳиндстан ҳаял ушыўшылардың саны бойынша биринши орынды ийелейди.

Хабарда жазылыўынша, дүнья бойынша бул көрсеткиш 5% ти қурайтуғын болса, Ҳиндстанда бул көрсеткиш 13% ке шамалас, яғный Уллы Британия (4,77%) ҳәм АҚШ (4,36%), сондай-ақ, Европа мәмлекетлерин қосып есаплағанға салыстырғанда да көп.

Мағлыўмат ушын, 2012-жылы Ҳиндстан гендерлик теңлик бойынша ең төмен раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алған еди. Соның менен бирге, Ҳиндстан ҳәзирги ўақытта авиация тараўы жедел раўажланып атырған мәмлекетлердиң бири болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.