Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының Ташкент Темурбеклер мектебинде Миллий гвардия, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң шөлкемлестириўи менен «Жас гвардияшы» әскерий-спорт жарысы болып өтти.

Жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан 16 команда қатнасып, үш күн даўамында 10 шәрт бойынша өз-ара беллести ҳәм республикамыз атынан қатнасқан Төрткүл районындағы 18-санлы мектептиң командасы сыйлы екинши орынды жеңип алыўға миясар болды.

Қатнасыўшыларды бир мақсет жолында бирлестирген бул әскерий-спорт жарысында Самарқанд ўәлаятының Каттақорған қаласынан келген 11-санлы мектеп командасы биринши, Ташкент қаласы Чиланзар районындағы 168-санлы мектеп командасы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Жарыста жеңимпаз болған командаларды сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы мәресимге,

Миллий гвардия сәркардасы генерал-майор Р.Джураев, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары Ф.Бакиев, Өзбекстан Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.Садуллаев ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық кеңесиниң баслығы Х.Саттаровлар қатнасып, оқыўшыларды усы илажда табыслы қатнасқаны ушын қутлықлап, жеңимпазларға диплом, медаль, баҳалы саўғаларды тапсырды ҳәм түрли номинациялар бойынша да команда сәрдарлары мүнәсип хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги