Қытайдың Чжэцзян провинциясы мәмлекеттиң шығысында жайласқан бай аймақ есапланады. Бул жерде аўыл хожалығы ҳәм санаат кең раўажланған. Кейинги жыллары провинция исбилерменлери тәрепинен Өзбекстанға бир неше сапарлар әмелге асырылып, экономикалық байланысларды кеңейтиў бағдарында да бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.

«Өзэкспоорай» павильонларында 21-23-май күнлери болып өтип атырған Чжэцзян көргизбесинен мақсет әне, усы байланысларды және де кеңейтиў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдан ибарат. Онда Қытайдың ең ири компания ҳәм брендлериниң халық хожалығының түрли тармақларына байланыслы стендлери орын алған. Электротехника үскенелери, санаат, тоқымашылық, турмыслық техникалар, азық-аўқат, ағаш буйымлары ҳәм күнделикли турмыслық үскенелердиң кең ассортименти көрсетилмекте.

Әҳмийетлиси компаниялардың көпшилиги биринши мәрте Өзбекстан базарына өз өнимлерин усыныс етпекте. Бул болса елимиздиң исбилермен топар ўәкиллери ушын ислеп шығарыўшылардан тиккелей товарларды сатып алыў, елимизге инвесторларды тартыў, саўда шериклерин табыў бағдарында және бир имканият болып есапланады.

Көргизбе шеңберинде ири Қытай компаниялары ўәкиллериниң қатнасыўында презентациялар, В2В форматындағы ушырасыўлар, шәртнамаларға қол қойыў мәресимлери болып өтеди.

Санжар Тошпўлатов, Аброр Содиқов, Анвар Аҳмедов (видео), ӨзА