Украина жетекшиси Владимир Зеленский NATO ның бас хаткери Марк Рютте менен телефон арқалы сөйлести. Бул ҳаққында Украина президенти баспасөз хызмети мәлим етпекте.

Хабарда айтылыўынша, тәреплер «ҳәзирги ўақыттағы жағдай, сондай-ақ, биргеликте Россияға қарсы басымды күшейтиў» мәселелерин додалады.

Сөйлесиў даўамында Зеленский РФ тәрепи менен оқ атыўды тоқтатыў бойынша сөйлесиўлерди даўам еттириўге таяр екенин мәлим еткен. Ол сәўбетлесине бундай ушырасыў ушын көрип шығылып атырған формат ҳәм платформалар ҳаққында айтып берген.

Тәреплер сондай-ақ, Россияға нәтийжели тәсир көрсетиўи мүмкин болған санкцияларды да додалады. Олар Европа Аўқамының 17-санция пакети мақулланғанын ҳәм Уллы Британия тәрепинен де санкциялар бойынша қарарлар қабыл етилип атырғанын атап өтти.

– NATO менен өз-ара бирге ислесиў ҳәм гезектеги ушырасыўларға таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды. Украина басшысы ҳәм Альянс бас хаткери байланысларды даўам еттириўге келисип алды, – делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги