Футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы 2026-жылғы Жәҳән чемпионаты сайлап алыўының 3-басқышы «А» топарында қатнаспақта.

Топарымызда Иран 20 очко менен биринши орында ҳәм Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизип болды. Жерлеслеримиз 17 очко менен екинши орында. Үшинши орынға 13 очко менен Бирлескен Араб Әмирликлери сайланды командасы жайласқан. Кейинги орында Қатар. Соңғы Жәҳән чемпионаты ийелеринде 10 очко бар.

Өзбекстанның сайлап алыў шеңберинде және еки ойыны қалды: 5-июнь күни БАӘ менен сапарда, 10-июнь күни болса Қатар менен өз майданында. Командамыз Жәҳән чемпионатына шығыўы ушын БАӘ менен кеминде теңбе-тең ойнаўы ямаса Қатарды жеңиўи жетерли болады.

Еки әҳмийетли ойын алдынан Миллий сайланды командамыз бас тренери Темур Кападзе хабаршымыздың сораўларына жуўап берди. Болажақ ойынларға таярлық процесслери, футболшыларымыздың руўхый ҳәм физикалық жағдайы, қарсыласлардың ойын усылы ҳәм басқа да темалар ҳаққында толық өз пикирлери менен ортақласты.

Толық сәўбетти  ӨзАның YouTube тармағында көриўиңиз мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги