Термиз сөйлесиўи
Сурхандәрья ўәлаятындағы «Термиз» халықаралық саўда орайы еркин саўда зонасында 19-21-май күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы менен биргеликте шөлкемлестирилген «Тынышлық, дослық ҳәм абаданлықтың улыўма мәканын қурыў» атамасында Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша Термиз сөйлесиўиниң биринши мәжилиси болып өтти.
Форумда Россия Илимлер академиясы Евгений Примаков атындағы Жәҳән экономикасы ҳәм халықаралық қатнасықлар миллий изертлеў институты, Уллы Британия Патшалық халықаралық қатнасықлар институты, АҚШтың Орайлық Азия ҳәм Кавказ институты, Финляндияның Мартти Ахтисаари атындағы Тынышлық қоры, Германияның Бергхоф қоры, Ҳиндстанның Халықаралық ислер бойынша кеңеси, Ҳиндстанның «Обсервер Ресеарч Фоундатион» таллаў орайы, Пакистан Стратегиялық изертлеўлер институты, Қытай Социаллық илимлер академиясының Россия, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия институты сыяқлы абырайлы шөлкемлердиң экспертлери қатнасты. Сондай-ақ, БМШтың Аўғанстанға жәрдем бериў бойынша миссиясы, Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орай, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, БМШтың Қашқынлар ислери бойынша жоқары комиссары басқармасы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Халықаралық миграция шөлкеми, Бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес сыяқлы халықаралық ҳәм регионлараралық шөлкемлердиң басшылары, қәнигелер де өз баянатлары менен қатнасты.
Президентимиздиң Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў бойынша 2022-жылы БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қоллап-қуўатланған басламасын алға қойыўда көп тәреплеме додалаў майданын қәлиплестириўге хызмет еткен илажда қәўипсизлик, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бағдарындағы бирге ислесиўди беккемлеў, аймақлараралық өз-ара байланыслылықты тереңлестириў ҳәм экономикалық өсимди тәмийинлеўде жеке меншик сектор ҳәм қаржы структураларының ролин кеңейтиў, экспертлердиң қарым-қатнасы потенциалын иске қосыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Халықаралық сөйлесиўдиң салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Э.Арипов, Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими У.Қосимов Өзбекстан кейинги жылларда дүньяда ашық, прагматикалық сиясат алып барып атырғаны мәмлекетти ҳәр тәреплеме раўажландырыўда әҳмийетли фактор болып атырғанын атап өтти. Әййемнен Уллы жипек жолы кесилиспесинде жайласқан Өзбекстанның өтмиштеги даңқын қайта тиклеп, Орайлық ҳәм Қубла Азияны бирлестириўде әҳмийетли коридор ўазыйпасын атқарыў жолында исенимли қәдем тасланып атырғаны атап өтилди. Форумның жумысына табыслар тиледи.
Планетамызда болып атырған ҳәзирги қыйын шараятта өткерилген Термиз сөйлесиўи Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланысты қайта тиклеўде үлкен әҳмийетке ийе. Оның тийкарғы ўазыйпаларынан бири – мәмлекетлер арасында өз-ара исенимди беккемлеў, бирге ислесиўге тийкарланған ҳәм қарама-қарсы қойыўға алып келетуғын жағдайлардан ўаз кешиўге қаратылған жаңа қатнасықлар модельлерин қәлиплестириўден ибарат.
Термиз әзелден мәдениятлар арасындағы қарым-қатнас орайы сыпатында өз орнына ийе болған қала. Әййемги қалада зарастризм, буддизм, христианлық ҳәм ислам сыяқлы динлердиң дәстүрлери қәлиплесип, раўажланған.
Еки ярым мың жылдан аслам тарийхқа ийе қала антик дәўир авторларының шығармаларында да тилге алынған. Уллы Жипек жолындағы әҳмийетли ноқатлардан бири болған.
Ҳәзирги ўақытта Термиздиң Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстырыўшы әҳмийетли буўын сыпатындағы орны қайта тикленбекте. Атап айтқанда, «Термиз» халықаралық саўда орайы, көп тармақлы транспорт-логистика орайы, «Термиз Карго Центр» сыяқлы ири имаратлар қурылды. Ўәлаят Жаңа Ренессанс дәўирин басынан өткерип, саўда, инвестиция ҳәм илим орайына айланып бармақта, раўажланбақта. Соның ишинде, тек ғана өткен жылы 560 миллион долларлық 37 ири санаат жойбары әмелге асырылды. Қоңсы мәмлекетлер – Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Аўғанстан менен саўда қатнасықлары раўажланбақта. Өткен жылы бул мәмлекетлер менен сыртқы саўда айланысы 82 миллион долларға жетип, 2023-жылға салыстырғанда 116 процентти қурады. Сондай-ақ, 689 миллион доллар муғдарында инвестиция тартылды. 550 ден аслам мәдений мийрас ҳәм туризм объекти бар үлкениң бай туристлик потенциалынан пайдаланыў ушын да зәрүр илажлар әмелге асырылмақта. Мәселен, усы жылы Байсын районындағы Узундара естелиги аймағында ашық аспан астындағы музей қурылды. «Омонхона» санаториясын оңлаў ҳәм кеңейтиў даўам етпекте. ЭЖаңа санатория қурылмақта. Байсын ҳәм Сарыазия районларында дар (аспа) жоллар қурыў, Атнынсай районында зиплайн компексин қурыў жойбарлары әмелге асырылмақта.
Сурхандәрья ўәлаяты үлкен экономикалық имканиятлар, жер асты ҳәм жер үсти тәбийғый байлықларына ийе аймақ. Нефть ҳәм газ, фосфорит, доломит ҳәм гипс сыяқлы пайдалы қазылмалардың үлкен резерви бар. Оларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў жойбарларын жолға қойыў ишки ҳәм сыртқы инвестицияларды тартыўға кең жол ашады.
Бай тарийхый-мәдений мийрас ҳәм экономикалық өсим Термиздиң Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстырыўшы әҳмийетли шынжыр сыпатындағы орнын тиклеў ушын өзине тән ҳәм сийрек ушырасатуғын имканият жаратпақта. Бул жерде шөлкемлестирилген Термиз сөйлесиўи макроаймақта өз-ара байланыслылықты күшейтип, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде улыўма көзқарасларды қәлиплестириў ушын әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарады.
Термиз сөйлесиўи Өзбекстан-Аўғанстан шегарасындағы «Термиз» халықаралық саўда орайы еркин саўда зонасы ҳәм «Termez Cargo Centre» халықаралық транспорт-логистика хабы менен танысыўдан басланды.
Халықаралық көп функциялы транспорт-логистика хабына Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Қашқынлар бойынша жоқары комиссары басқармасы Глобал тәмийнат тармағы қоймаханасы статусы берилген. Дүньяның сегизинши ири тәмийнат тармағы статусына ийе болған хаб Аўғанстан ҳәм басқа да мәмлекетлердеги жәрдемге мүтәж болған инсанлар ушын резерв жаратыў және зәрүр болғанда оператив жеткерип бериўди нәтийжели шөлкемлестириў ушын оғада қолайлы аймақта жайласқан. Бул процессте Термиздиң Орайлық ҳәм Қубла Азия кесилиспесиндеги стратегиялық жайласыўы, бул жерде жаратылған транспорт-энергетика инфраструктурасы ҳәм басқа да факторлар да айрықша әҳмийетке ийе болды. Халықтың әззи қатламларына жәрдем бериў ушын тийкарғы ресурсларды жетерли дәрежеде тәмийинлеў имканиятлары көлемин және де кеңейтти. Бундай имканият ҳәм регионымызда ҳәзирше бирден-бир «Термиз» халықаралық саўда орайы еркин саўда зонасында аўған тәрепинен келетуғын мийманлар ушын жаратылған қолайлықлар, басқа да заманагөй шараятлар жыйналғанларда үлкен қызығыўшылық оятты.
– Негизинде Термиз сөйлесиўи жақсы баслама болды. Өзбекстан ҳәм Аўғанстан шегарасында жайласқан бул саўда орайы ҳәр еки мәмлекеттиң раўажланыўында әҳмийетли роль атқармақта, – дейди Аўғанстандағы «Газанфар Банк» бас директорының орынбасары Матиулла Обаиди. – Саўда орайы басшысының айтыўынша, заманагөй бул комплекс басқа да мәмлекетлер, соның ишинде, Қубла Азия, Ҳиндстан, Пакистан, Бангладеш ҳәм Орайлық Азия менен байланысларды кеңейтиў ушын жаңа режелер менен басламаларға ийе.
Өз-ара байланыслылықты беккемлеп, раўажландырыўда Өзбекстан әҳмийетли роль атқармақта. Аўғанстан болса Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстырыўшы орай сыпатында ҳәрекет етпекте. Мен Аўғанстандағы жетекши банклердиң бириниң ўәкили сыпатында саўда операцияларын қаржыландырыў, саўда қаржысы және усы мәмлекетлер арасындағы финанслық транзакцияларды қоллап-қуўатлаўды даўам еттиремиз, деп айта аламан. Сондай-ақ, бул жерде банкимиздиң филиалын ашыў имканиятларын үйренип атырмыз. Мағлыўматларға бола, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы саўда көлеми 1 миллиард доллардан артқан. Бул бағдарда үлкен потенциал бар. Себеби Орайлық Азия экономикасы 500 миллиард доллар, Қубла Азия болса 3 триллион доллардан аслам экономикалық қуўатлылыққа ийе. Бул еки регионды байланыстырыў арқалы бизнес көлемин кеңейтип, саўданы раўажландырыў ҳәм финанслық шешимлерди шешип, оны жеңиллетиў имканияты бар. Термиздиң басқа мәмлекетлер ушын роли ҳаққында айтатуғын болсақ, Термиз сөйлесиўи бул еки регионды байланыстырыўшы әҳмийетли платформаға айланбақта. Дурыс, ҳәзир саўда көлеми бираз төмен дәрежеде болыўы мүмкин. Бирақ Термиз келешекте бул тараўдағы бирге ислесиўди күшейтип, саўданы раўажландырыў жолларын, финанслық операцияларды жеңиллестиреди. Бирге ислесиўди беккемлейди.
Дүнья глобаллық өзгерислер, геосиясий кескинлик ҳәм экономикалық бурылыслар менен дусласып атырған ҳәзирги шараятта мәмлекетлердиң өз-ара байланыслылығын беккемлеўи, исенимли қарым-қатнасты жолға қойып, бирге ислесиў байланысларын кеңейтиўи турақлы қәўипсизликти тәмийинлеп, раўажланыўға жетеклейди.
«Тынышлық, дослық ҳәм абаданлықтың улыўма мәканын қурыў» темасында Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша болып өткен Термиз сөйлесиўиниң биринши мәжилиси шеңбериндеги дәслепки сессияда қатнасқан мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери бул ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысты. Тема бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Форумның регионлараралық финанс институтлары ҳәм жеке меншик сектордың экономиканы өсириўде өз-ара байланысларын беккемлеў мәселелерине бағышланған екинши сессиясында Өзбекстан регионда жеке меншик бизнести раўажландырыў ушын кең көлемли жумысларды әмелге асырып атырғаны айрықша атап өтилди.
Тема бойынша сөйлесиўлерде Аўғанстан саўда-инвестиция палатасы баслығының орынбасары Хан Джан Алаказай, Қазақстан сыртқы саўда палатасының баслығы, басқарма ағзасы Асан Жакишев, сондай-ақ, Қырғызстанның Жалалабад ўәлаяты саўда-санаат палатасы, Пакистанның Белужистан провинциясы Кветти саўда-санаат палатасы, Тәжикстанның Соғд ўәлаяты саўда-санаат палатасы, Түркменстан саўда-санаат палатасының ўәкиллери, Аўғанстандағы «Газанфарбанк» бас директорының орынбасары Матиулла Обаиди, «Азизибанк» директоры Хануллах Юсуфзай ҳәм басқалар шығып сөйлеп, регионларда жеке меншик бизнести раўажландырыў, қаржылай қоллап-қуўатлаў ҳәм мәмлекетлерин экономикалық раўажландырыў жолында алып барып атырған жумыслары ҳаққында мағлыўмат берди. Аймақлараралық өз-ара байланыслылықты тереңлестириў ҳәм экономикалық өсиўди тәмийинлеўде жеке меншик сектор ҳәм қаржы структураларының ролин кеңейтиў бойынша пайдалы усыныслар ортаға тасланды.
Илажда «Каталист» кампаниясы баслығы Муҳаммед Сулайман бин Шайхтың Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлеринде жеке меншик секторды өз-ара қоллап-қуўатлаўдың аймақлық платформасына бағышланған презентациясы болып өтти.
Үш күн даўам еткен Термиз сөйлесиўинде Өзбекстан өзиниң сыртқы сиясий стратегиясында Қубла Азия менен бирге ислесиўди тереңлестириў арқалы Евроазия үлкен регионын турақлылық ҳәм избе-из раўажланыў аймағына айландырыўға айрықша итибар қаратып атырғаны өз көринисин тапты. Соның ишинде, аймақлық өз-ара байланыслар бойынша экспертлер сөйлесиўи шөлкемлестирилген үшинши сессияда да Өзбекстан Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланысларды раўажландырыўда жетекши мәмлекетке айланып атырғаны, әнжуман өткерилген Термиз қаласы Орайлық ҳәм Қубла Азия кесилиспеси болған регионлараралық байланыстың орайлық ноқатында жайласқаны айрықша атап өтилди. Бул қаланың өтмиштен цивилизациялар, мәдениятлар, динлераралық қарым-қатнас орайы болып келгенине итибар қаратылды.
– Биз 35 жылдан берли қоңсылар менен байланысларды беккемлеўди додалап келемиз, – дейди Қазақстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық изертлеўлер институтының бас илимий хызметкери Санат Кушкумбайев. – Ҳәзирги глобалласыў дәўиринде бул процесс жүз бермекте. Енди тарийхы узақ өтмишке барып тақалатуғын байланысларымызды қайта тиклеў ўақты келди. Ҳәзир әйне сол процесс өтип атыр.
Форумда Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы транспорт байланысының улыўмалық архитектурасын жаратыў, Евроазияның үлкен макро регионында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў жолларын биргеликте излеў, инсаният дус келип атырған экологиялық машқалалар, кибер қәўип-қәтер ҳәм региондағы басқа да әҳмийетли мәселелер де терең талланды. Пикир-усыныслар билдирилди.
Халықаралық әнжуман қатнасыўшылары, сондай-ақ, Термиз археология музейи, Термиз районындағы дүньяда теңи жоқ Аўғанстан пуқараларын оқытыў билимлендириў орайы менен танысты.
Холмўмин Маматрайимов, Жонибек Қўзимуродов (сурат), ӨзАның хабаршылары