Көз алдыңызға келтириң… Аспандағы жулдызлар арасында сондай сырлы, ғайрытәбийғый объектлер бар, олар тек ғана жақтылықты емес, ал образлық мәниде ҳақыйқаттың өзин де жутып жибереди. Бул – қара қурдым. Олар әлўан сырларға толы, физикалық нызамлар бул жерде мәниссиздей көринеди. Бирақ ең таң қаларлысы … айырым илимпазлар олардың параллел дүньяларға есик болыўы мүмкин екенин айтпақта. Бул видео сизди ойлаўға, таң қалыўға ҳәм итимал… барлығымызға жаңаша көзқарас пенен қараўға мәжбүр етеди. Сизлер менен сырлы дүньядағы қара қурдымлардың сыры ҳаққында сөйлесемиз.

1935-жыл. Альберт Эйнштейн ҳәм Натан Розен қара қурдымлардың ишинде «Эйнштейн – Розен көпирлери»,  яғный кеңисликтеги туннельлер бар болыўы мүмкин деп айтады. Олардың теориясы бойынша, бул көпирлер еки дүньяны байланыстырыўшы жоллар. Бирақ бул тек теория еди… ямаса солай деп ойлаймыз. Бүгинги күнде Джеймс Вебб телескобы, симуляциялар ҳәм квант физикасы арқалы илимпазлар жаңа гипотезаларды алға қоймақта. Ең қызығы – Никодим Поплавский исмли физикке бола, қара қурдымлар әпиўайы сорыўшы объект емес. Олардың ишинде жаңа дүньялар туўылыўы мүмкин. Ҳәр бир қара қурдым – жаңа дүньяның басламасы.

Көз алдыңызға келтириң: сиз аспанда қара ноқатқа жақынласасыз… ҳәм ол арқалы пүткиллей басқа, таныс емес ҳақыйқатлыққа түсип қаласыз. Ўақыт басқаша өтеди, физика нызамлары ислемейди. Мүмкин, ол жердеги сиз… сиз емес шығар? Стивен Хокинг болса буны және де тереңлестирип: «Қара қурдымлар арқалы информация басқа дүньяға өтиўи мүмкин», – дейди. Ол буны тек теория деп емес, ал анық математикалық тийкарлар менен түсиндирип берген. Оған бола, қара қурдымлар тек ғана өли жулдызлардың қалдығы емес, ал көп дүньялар теориясының есиги де болыўы мүмкин.

2025-жылы Джеймс Вебб телескобы галактикалардың айланыў бағытын изертлегенде, нәтийже күтилмеген еди: галактикалардың үлкен бөлеги саат бағытында айланбақта. Бул тосыннан ба? Ямаса биз өзлеримиз де үлкен қара қурдымның ишиндемиз бе? Солай болса-ше? Егер ҳәр бир қара қурдым – басқа дүнья ушын туўылыў болса… биз жасап атырған бул дүнья да басқа бир ҳақыйқатлықтың ишки бөлеги ме?

Қара қурдымлар – тек илимий жумбақ емес, ал инсан ой-пикириниң шегараларына қойылған сораў. Биз еле көп нәрсени билмеймиз. Бирақ бир ҳақыйқат бар: оларға қараған сайын, өзимизди тереңирек түсине баслаймыз. Жуўмақлап айтқанда, Қара қурдымлар арқалы параллель дүньяларға өтиў ҳәзирше илимий фантастикаға жақын теориялық пикир. Бул пикирге илимий тийкарлар бар, бирақ дәлиллейтуғын ҳеш қандай реал дәлил жоқ. Илимпазлар бул бағдарға сақлық пенен қатнас жасамақта, бирақ изленислер даўам етпекте. Жаңа телескоплар, симуляциялар ҳәм квант-гравитация теориялары арқалы келешекте бул сораўға анығырақ жуўап бериў мүмкин болады. Ҳәзирше анық жуўап – илимпазлар бизден ҳеш нәрсе жасырмаған, тек қара қурдымлар ҳаққында анық дәлил жоқ.

Умытпаң, дүнья шексиз, бирақ санамыз оннан да кеңирек.

Ирода Жўраева, Аброр Содиқов, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА