Үргениш мәмлекетлик университетинде «Студентлер Лигасы» спорт жарысларының миллий гүрес бойынша республикалық финал басқышы болып өтти.
Жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларында жайласқан жоқары орынларының студентлери қатнасып, онда республикамыз жаслары бир неше сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды.
Атап айтқанда, ерлер арасында 60 кг салмақта Шердарбек Аманов барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медальды қолға киргизген болса, Арысланбек Мурадов қола медалына еристи.
Ал, қызлар арасында болса, 87 кг ҳәм +87 кг салмақта қатнасқан палўанларымыздан Махбуба Убайдуллаева ҳәм Тумарис Хабиповаларға тең келетуғын қарсылас табылмады ҳәм олар бул жарыс жеңимпазына айланды.
70 ҳәм 78 кг салмақ категорияларында қурға түскен Дилдара Қутыбаева ҳәм Назбийби Дүйсенбаеваларға қола медалы несип етти.
Солай етип, жарыс жуўмағында қарақалпақстанлы палўанлар 3 алтын ҳәм 3 қола медалын ийелеўге еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы