Европа кураш конфедерациясы, Франция кураш федерациясы ҳәм Өзбекстан кураш федерациялары менен биргеликте усы жылдың 21-23-июль күнлери Франция пайтахты Париж қаласында кураш бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын халықаралық турнир болып өтеди.

– Өткен жылы жазғы Олимпиада ойынларына басшылық еткен Париж бул рет кураш бойынша дүньяның ең күшли спортшыларын жәмлейди. Абырайлы турнирди жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Турнир даўамында Париж қаласында Өзбекстан мәдениятын үгит-нәсиятлайтуғын кеўилашар мәдений илажлар өткерилиўи режелестирилген, – дейди Өзбекстан кураш федерациясы баслығының орынбасары Уйғун Умаров.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қол қойылған «Кураш миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде дәстүрий тәризде өткерилип киятырған бул ашық халықаралық турнирде ер адамлар -90, +90 кг, ҳаял-қызлар -70, +70 кг салмақ категорияларында жеңимпазлық ушын гүрес алып барады. Халықаралық турнир Париж қаласындағы «Emil Anthoine Stadium» спорт комплексинде болып өтеди.

Халықаралық турнирдиң сыйлық қоры 30 мың евродан ибарат болып, палўанлардың ерискен нәтийжелери Халықаралық кураш ассоциациясы рейтинг системасында атап өтиледи.

Т.Рўзиев, ӨзА