Орайлық Азияда  биринши мәрте Өзбекстанда өткерилип атырған “M360 GSMA Eurasia”  2025 форумы шеңберинде Байланыс тараўындағы аймақлық дослық аўқамына (ASHH) ағза мәмлекетлердиң  байланыс  администарциялары басшылары Кеңесиниң 63-мәжилиси ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Мәлимлемелестириў бойынша муўапықластырыўшы  кеңесиниң 31-мәжилиси өткерилмекте.

Мәжилиске санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов басшылық етпекте.

Илажда мәмлекетимиз ҳәм Беларусь, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан, Қырғызстан Республикалары, Россия Федерациясы байланыс ҳәкимшиликлери басшыларының ўәкиллери қатнаспақта. Соның менен бирге Аўғанстан делегациясы бақлаўшы сыпатында қатнаспақта.

2022-жылы биринши мәрте Байланыс тараўындағы регионаллық дослық аўқамына ағза мәмлекетлердиң Байланыс ҳәкимшиликлери басшылары кеңесиниң баслығы етип сайланған санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов бул илаж шеңберинде және 3 жылға усы лаўазымға қайта сайланды.

Илаж шеңберинде регионаллық санлы интеграция, телекоммуникация инфраструктурасын кеңнен раўажландырыў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жасалма жолдас технологияларына тийкарланған байланыс системаларын және де кеңейтиў сыяқлы ең әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланбақта.

Н.Раҳманова, ӨзА