Жас исбилерменлерге оқыў- семинары шөлкемлестирилди

Бүгин ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен Нөкис Иннавацион теҳнологиялар университетинде “Жас исбилерменге ӨзЛиДеП жақын жәрдемши” жойбары тийкарында “Креатив экономика” қәбилетти бизнеске айландырыў тийкарында оқыў -семинары болып өтти.
Семинарда «Дослық» ордени ийеси өнермент Бийбисара Қунназарова жасларға өз өнерин раўажландырыў арқалы оны нәтийжели бизнеске айландырыў ҳаққында өзиниң тәжирийбеси тийкарында жол жобалар көрсетип, миллийлигимиздиӊ белгиси болған қара үйдиң баў-шуўларын тоқыў жоллары ҳәм усыллары бойынша жас исбилерменлерге шеберлик сабағын өтти. Өнер үйрениўге қызығыўшылығы бар жасларды шәкиртликке бийпул қабылайтуғынын да билдирди.


Семинар даўамында ӨзЛиДеП Хожели районлық Кеңеси аппарат баслығы Айдос Тлепбергенов партия тәрепинен жас исбилерменлер менен бирге өткерилип атырған әмелий илажлар ҳаққында мағлыўматалар берип өтти.
Сондай-ақ, ушрасыўда районлық салық басқармасы хызметкерлериниң қатнасыўында Президентимиздиң усы жыл 19-марттағы “Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы менен исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Пәрманға тийкарланып, киши ҳәм орта бизнес субектлериниң раўажланыўын хошаметлеў мақсетинде 2025-жыл 1-майдан баслап өзин-өзи бәнт еткен шахслар жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық шаҳс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде, мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Өз жумысын тийислисинше орта ямаса ири бизнес категориясына шекем ирилендирген исбилерменлик субектлерине бир жыл даўамында қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў (қайтарыў) жети күн мүддетте тезлестирилген тәртипте әмелге асырылатуғынлығы ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап соңғы үш жылда товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған жәми дәраматы 10 миллиард сумнан артпаған, бюджет ҳәм кредиторлар алдында қарыздарлығы болмаған ҳәм турақлы түрде салық есабатларын усынып атырған, “Қәўип-қәтерди таллаў” электрон системасында ҳуқықбузарлық ислеў қәўпи төмен дәрежеде категорияластырылған киши ҳәм орта бизнес субектлериниң жумысын ықтыярлы түрде сапластырыўда салық тексериўи өткерилмейтуғынлығы атап өтилди .
Ушырасыў даўамында жас исбилерменлерге пәрман тийкарында ажыратылатуғын кредитлер ҳәм жаратылған қосымша имканиятлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди. Жаслардың сораўларына қәнийгелер тәрепинен жуўап берилди.
Исбилерменлик жумысын баслаў нийетинде болған 20 ға шамалас жастың жойбарлары тыңланып, тийисли мағлыўмат берилди ҳәм жол-жобалар көрсетилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги