Аналар жаратқан бағларда тәбиятты сүйиўши перзентлер ержетеди

353

Мүнәсибет

Елимизде жас әўладтың дүньяға келиўи ҳәм физикалық жақтан саламат раўажланыўы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылмақта. Саламат турмыс тәризин қәлиплестириўди таза қоршаған орталықсыз бир тәреплеме көз алдымызға келтире алмаймыз. Саламат турмыс тәризи ҳәм қоршаған тәбийғый орталық бир-бири менен өз-ара тығыз байланыслы. Тәбийғый орталықтың тазалығы ҳәм пәклиги балалардың саламат ҳәм жетик инсан болып ержетиўиниң тийкарғы факторларынан есапланады.

Соның ушын да Президентимиздиң усы жыл 15-майдағы “2030-жылға шекемги дәўирде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы тек ғана ҳүкимет ямаса жуўапкер уйымларға жүкленген емес. Бул қарарды әмелге асырыўда, әсиресе, биз ҳаял-қызлардың, аналардың орны оғада әҳмийетли. Усы мәнисте елимиздеги ҳәр бир ана, ҳаял, апа-қарындас, перзентлеримиз ушын, жасыл ҳәм саламат турмыс ушын экологиялық мәдениятты улыўма халықлық қәдириятқа айландырыўға кирисиўимиз, усы жол менен келешек әўладларға турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан турмыс қурыўды бүгиннен баслаўымыз зәрүр екенлигин дәўирдиң өзи талап етип тур.

Ҳаял ҳәм тәбият – екеўи де гөззаллық тымсалы. Екеўинде де меҳир деп аталыўшы илаҳий сезим бар. Ҳаял – ана, тәбият та анаға мегзейди. Ҳаял перзентлерин баўырында тәрбиялап камалға келтирсе, тәбият қушағында гүл ҳәм шөплерди, жәнликлерди, биз инсанларды еркелеп өсиреди, асырайды, ишкизеди.

Соның ушын да, аналар бағ жаратқан жерлерде, “Шаңарақ бағы” бой тиклеген мәнзиллерде перзентлер де, әлбетте, ана тәбиятқа меҳирли болады, оларда экологиялық мәденият өседи, экологиялық қәдириятлар қәдирленеди, тәбиятты қәстерлеп сақлаўға умтылыў, интакерлик, мийнет сүйгишлик көнликпелери қәлиплеседи. Тәбийғый түрде олар тәрбиялаған перзентлерде де бул түсиниклер қәлиплесип барады. Себеби, алма ағашының астына алма түседи. Балалар бизиң ислеп атырған ислеримизден үлги алады.

Соның ушын да, ҳаяллар, аналар экологияны сақлаў, қоршаған орталықты қорғаў сыяқлы реформаларда белсене қатнасыўы зәрүр. Бул тек ғана терек, гүл егиў, бағлар жаратыў емес, ал экологияның барлық бағдарлары, соның ишинде, суўды ҳәм басқа ресурсларды үнемлеў мәдениятын сиңдириў, қәўипсиз азық-аўқаттан пайдаланыў, климат өзгериўи, ҳаўаның сапасын жақсылаў ҳәм Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерине қарсы гүресиў, инфраструктураны жақсылаў, шығындыларды азайтыў ямаса шығындыны таслаў, таңлап алыў мәдениятын сиңдириў бойынша алдынғы тәжирийбелерди алға қойыўдан ибарат.

Көринип турғанындай, шаңарақларда экологиялық мәдениятты арттырыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбиятты қәстерлеп сақлаў тараўындағы интеллектуаллық ҳәм илимий потенциалдан толық пайдаланыў дәрежесин көтериў, саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў үлкен әҳмийетке ийе. Онда миллет тәрбияшылары болған аналардың ҳәр тәреплеме билимли болыўы, тәбиятқа болған муҳаббаты, оның экологиялық билим ҳәм мәденият дәрежеси оғада әҳмийетли роль атқарады. Себеби, халқымыз билип “Қус уясында көргенин ислейди” дейди. Шығындыны ярым жолға шашып кететуғын ананың баласы шығындыдан тап усы усылда қутылады. Өйткени ол басқа жолы барын билмейди. Балаларымыз бизиң ислегенимизди көбирек ислейди, айтқанымызды жемейди.

Экологиялық машқала раўажланыў, қәўипсизлик, халықтың турмысы ҳәм тиккелей адамлардың өмириниң даўамлылығына тәсир көрсетип, әсиресе халықтың ең жас бөлеги болған балалардың өмирине үлкен қәўип туўдырады. Сыр емес, патасланган, зәҳәрленген орталық биринши гезекте еле жас, енди раўажланып қәлиплесип атырған организмге үлкен тәсир көрсетеди, оның физиологиялық ҳәм руўхый раўажланыў жағдайына да тәсир көрсетпей қалмайды.

Әсирлер даўамында қәлиплесип келген бай миллий руўхый қәдириятларымыз ҳәм мийрасымыз соннан дәрек береди, ата-бабаларымыз Ана жерге айрықша қатнасықта болып, суў, топырақ, ҳаўаны қәдирлеген. Тәбият байлықларын ҳәм оның қайыр-сақаўатларын қәстерлеп сақлап, олардан үнемлеп пайдаланған.

Соның ушын да көбирек аналар балаларға тәбият инам еткен жер ҳәм суўды қәстерлеп сақлаў, топырақ ҳәм ҳаўаны патасландырмаў, өсимлик-жасыл дүньяны сақлаў ҳаққындағы түсиниклерди турақлы түрде сиңдириўи ҳәм оларды турмыс өлшемине айландырыўы талап етиледи. Балаларымызға, үлкемиз ушын барған сайын қәдирли болып баратырған ишимлик суўынан үнемлеп пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириў оғада әҳмийетли мәселе болып табылады.

Жер ҳәм суў болса улыўма миллий байлық есапланып, халық абаданлығының тийкарғы дәреги болып есапланады. Соның менен бирге, инсан саламатлығы да миллет байлығы есапланады. Демек, таза ишимлик суўы ҳәр бир шаңарақтың саламат турмыс алып барыўының әҳмийетли шәрти есапланады. Бүгинги әўлад өсип үлкейип, инсанлардың өмирин ҳәм қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў ҳаққында шешиўши қарарлар қабыл етиўи керек болады. Ата-аналар, үлкенлер тәрепинен шаңарақта балаларга басланғыш экологиялық мәденият сабақлары бериледи. Тәбиятта жүз берип атырған ҳәдийселер ҳәм өзгерислердиң ҳәр бир адамның денсаўлығына, руўхыйлығына, кейпиятына тиккелей тәсирин ата-аналар өз балаларына шын кеўилден түсиндирсе, бул үгит-нәсиятлар бала кеўлинде мөрленип, нәрселерди, ҳәдийселерди билиўге умтылыўы артады.

Тәбиятқа жақынлық, ана жерге муҳаббат, жанажан үлкениң гөззаллықларынан пайдаланыў балаларды руўхый-ағартыўшылық жақтан байытып нәзик талғамды қәлиплестиреди ҳәм муқаддес жер өз ана журтының абаданлығы ҳәм тәбиятының тазалығы ҳаққында қайғырыўды өзлериниң миннети ҳәм жуўапкершиликли екенлигин жүреклери менен сезинеди. Тәбиятты қорғаў, оның байлықларын қәстерлеп сақлаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды дәўирдиң өзи талап етип, бәршемизди тәбиятқа және де итибарлы ҳәм жуўапкершиликли болыўға шақырмақта.

Перзентлеримиздиң бос ўақытларында тиккелей тәбият қойнында, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясының ҳәр қыйлы екенлигин аңлаўы, рәңбәрең гөззаллықларынан заўықланыўы ушын илажы барынша биргеликте тәбият қойнына саяхатлар шөлкемлестириў де көбирек ҳаял-қызлардың мойнында. Биз ҳаял-қызлар перзентлеримиздиң бәркамал инсан болып камалға келиўи ҳәм олардың өз ана жерин қаншелли қәстерлеп сақлаўға уқыплы екенлигине жуўапкермиз.

Айдангүл Абдрахмонова,

Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы

партия шөлкеми Кеңеси, Экология ҳәм саламатлық ҳаял-қызлар клубы Кеңесиниң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги