Өзбекстан-Грузия бизнес форумы болып өтти

261

Пайтахтымызда Грузия Саўда-санаат палатасы президенти Георгий Пертая басшылығындағы делегация сапары   шеңберинде Өзбекстан-Грузия  бизнес форумы ҳәм исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси өткерилди.

Илажда еки үлке  рәсмийлери, исбилермен топарының ўәкиллери ҳәм 100 ге шамалас грузин компанияларының жуўапкерлери қатнасты.

Мәмлекетлеримиз арасында исбилерменлик қатнасықларын және де раўажландырыў, өз-ара товар алмасыў ҳәм биргеликтеги кәрханалар санын  арттырыў мақсетинде өткерилген форум шеңберинде «В2В» форматтағы  ушырасыўлар  да шөлкемлестирилди.

Онда 100 ге шамалас логистика, аўыл хожалығы, медицина, азық-аўқат, тоқымашылық санааты, туризм, көтере саўда ҳәм басқа тараўларда жумыс ислеп атырған Грузия исбилермен топарының ўәкиллери қатнасты.

Мағлыўмат орнында, бүгинги күнде Өзбекстанда 60 грузин кәрханалары  жумыс ислемекте.  Солардан 31 и биргеликтеги кәрхана, 29 ы болса 100 процент грузин капиталы тийкарында шөлкемлестирилген.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА