Жол ҳәрекети қәўипсизлиги мәселелерине бағышланған көшпели қабыллаў

Бүгинги күнде халықтың мәпин гөзлеп, машқалаларды үйрениў ҳәм оларға орнында шешим табыў мақсетинде түрли аймақларда жуўапкер басшылар тәрепинен көшпели қабыллаўлар өткерилип келинбекте. Усындай илажлардан бири Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети баслығының орынбасары, подполковник Б.Бобобеков басшылығында Беруний районында шөлкемлестирилди.
Көшпели қабыллаў даўамында районда жасаўшы пуқаралар өзлерин қыйнап киятырған машқалалар туўралы усыныс ҳәм пикирлер менен мүрәжат етиў имканиятына ийе болды. Улыўма есапта 7 пуқараның арзасы қадағалаўға алынды, соннан үшеўи қабыллаўдың өзинде унамлы шешилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Мүрәжатлар тийкарынан жол ҳәрекети қәўипсизлиги мәселелерине байланыслы болып, соның ишинде, светофор орнатыў, пиядалар жолына жасалма тосықлар орнатыў, жәрийма майданында сақланып атырған автотранспорт қуралларын қайтарып алыў менен байланыслы мәселелерди қамтып алды.

Подполковник Б.Бобобеков пуқаралар тәрепинен көтерилген ҳәр бир мәселеге қатаң қатнас жасап, айырым машқалаларды орнында шешиў илажларын көрди. Қалған арзалар бойынша болса жуўапкер уйымларға анық тапсырмалар берилип, қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги