Пилле жетистириў мәўсими қызғын даўам етпекте

Елимизде ҳәр жылы бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен барлық аймақларда пиллешилик мәўсими басланады. Бул – тек ғана миллий байлық емес, ал мыңлаған шаңарақлар ушын әҳмийетли дәрамат дәреги болып есапланады. Әсиресе, соңғы жыллары халық, атап айтқанда, ҳаял-қызлар арасында үй шараятында пилле жетистириўге қызығыўшылық артып атырғаны итибарға ылайық.
Беруний районында да пиллешилик дәстүри жоқары дәрежеде даўам еттирилмекте. Быйылғы мәўсимде райондағы көплеген шаңарақлар, әсиресе, ҳаял-қызлар пилле жетистириў менен шуғылланып, елимиздиң экономикасына ҳәм шаңарақтың абаданлығына өз үлесин қоспақта.
Олардан бири – Ибн Сино мәҳәллесинде жасайтуғын Мухаббат Абдуллаева. Ол усы мәўсимде 4 қуты жипек қуртын алып, оларды үлгили тәрбиялаў арқалы 1 тонна пилле жетистириўди мақсет еткен. Ҳәзирги күнде шаңарақ ағзалары ҳәм жәрдемшилер менен биргеликте пилле жыйнаў қызғын даўам етпекте.

Пилле жетистириўшилердиң мийнетин хошаметлеў мақсетинде район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Козиева олардың шаңарақларында болды. Ол мийнеткеш ҳаял-қызларға қызғын тилеклер билдирип, гүмис талшыққа берекет тиледи, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги