Чемпионлық әмиўдәрьялы қызларға несип етти

247

21-май күни футбол бойынша 14 жастағы қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Жарысқа Нөкис қаласы ҳәм районлардан жәми 6 команда қатнасты ҳәм чемпионлық ушын өз-ара қызғын гүрес жүргизди.

Қызықлы өткен ойынлар жуўмағында, Әмиўдәрья районы спорт мектеби тәрбияланыўшылары барлық қарсыласларынан жеңип,  Қарақалпақстан чемпионы атағына миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, Хожели ҳәм Қоңырат районларының спорт мектеплери командаларына несип етти.

-Жарысқа пуқта таярлық көрген едик. Бирақ, бүгин әўмет қарсылас командаға күлип бақты. Алдағы ўақытлары буннан жуўмақ шығарып, жеңимпазлықты қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз,-дейди Хожели районы спорт мектеби командасының ағзасы Сәрбиназ Бийсенбаева.

Адилбай Оразов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.