Мақсет – өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликти қәлиплестириў

15-май – Халықаралық шаңарақ күни мүнәсибети менен Әмиўдәрья районында кеңнен белгиленген байрам илажы көтериңки руўхта өтти. Районлық мәденият бөлиминде шөлкемлестирилген салтанатлы мәресимде “Жаңа Өзбекстанның ибратлы шаңарағы” республикалық таңлаўының Қарақалпақстан басқышы жеңимпазлары анықланды.

Бул таңлаўда табыслы қатнасқан Әмиўдәрья районындағы 11 шаңарақ “Жаңа Өзбекстанның ибратлы шаңарағы” атағына ийе болып, олар салтанатлы түрде сыйлықланды. Жеңимпаз шаңарақларға естелик саўғалары ҳәм арнаўлы көкирек белгилери тапсырылды, – деп мағлыўмат береди Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Илажда район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ф.Юсупов шығып сөйлеп, елимизде шаңарақтың жәмийеттеги орнын арттырыў, шаңарақ институтын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, татыў турмыс тәризин қәлиплестириў, шаңарақтың беккемлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған реформаларға тоқтап өтти.

Сондай-ақ, шаңарақлық қәдириятлар, өз-ара ҳүрмет, аўызбиршилик ҳәм тынышлық принциплерин қәлиплестириўәҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Байрам руўхында өткен илаж даўамында жергиликли көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған нама-қосықлар жыйналғанларға үлкен қуўаныш бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги