Саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мәселелери додаланды

Беруний районлық партия шөлкеми Кеңеси жанындағы “Ҳаял-қызлар клубы” баслығы М.Дурдыбаеваның басламасы менен “Мақтумқулы” АПЖ аймағында жайласқан 12-санлы шаңарақлық шыпакерлик пунктинде “Ҳаял саламатлығы – саламат келешек гиреўи” атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.
Бул илажда “Ҳәрекетлер стратегиясы”нда белгиленген социаллық тараўды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары, атап айтқанда, халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мәселелери додаланды.

Әсиресе, орынларда тез ҳәм сапалы медициналық хызметлерди жолға қойыў арқалы халықтың, атап айтқанда, ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў бағдарындағы жумысларға айрықша итибар қаратылды.
Илаж даўамында ҳаял-қызлар ушын жаратылған шараятлар, денсаўлықты сақлаў системасындағы жаңалықлар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында сәўбетлесиў алып барылды. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етти ҳәм тийисли қәнигелерден ҳәр тәреплеме жуўап алды.

Бундай ушырасыўлар халықтың, әсиресе, ҳаял-қызлардың медициналық мәдениятын арттырыў, оларды саламат турмыс тәризине бағдарлаўда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги