Өзбекстанда 1-июльден баслап шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң электрон түри рәсмий түрде юридикалық күшке ийе болады. Бул арқалы пуқаралар енди қай жерге барса да, оригинал паспорт ямаса айдаўшылық гүўалығын алып жүриўине зәрүрлик қалмайды.

Жаңа тәртипке бола, my.gov.uz бирден-бир порталындағы жеке электрон ҳүжжетлер банк, нотариус, аэропорт, вокзал ҳәм усыған уқсас шөлкемлерде рәсмий қабыл етиледи.

Бул қарар мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўды жеңиллетиў, артықша қағазпазлықты қысқартыў ҳәм санлы трансформацияны жеделлестириў мақсетинде енгизилмекте.

Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, пуқаралар my.gov.uz порталында жеке кабинетине кирип, паспорты ямаса айдаўшылық гүўалығын электрон тәризде қәлиплестириўи ҳәм зәрүр ўақытта усыныўы мүмкин. Бул процесс пайдаланыўшы ушын бийпул ҳәм қолайлы түрде шөлкемлестирилген.

ӨзА