Ибратлы шаңарақлар жәмийетимиз сүйениши

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 15-май – Халықаралық шаңарақ күни мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында шаңарақтың жәмийетлик турмыста тутқан орнын арттырыў, оны социаллық, экономикалық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, шаңарақларда өз-ара аўызбиршилик, тынышлық, татыўлық орталығын және де күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.
Ҳақыйқатында да, халқымыз әзелден шаңарақты Ўатан ишиндеги Ўатан, жәмийетимиздиң тийкарғы буўыны, миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлеген муқаддес дәргай сыпатында айрықша қәдирлеп ҳәм қәстерлеп келген. Ѳйткени, барлық ийгиликли ислер шаңарақтан басланып, оннан мәҳәллеге ҳәм жәмийетке кирип барады.
Салтанатлы байрам илажында қала ҳәм районлардағы үлгили шаңарақ ийелерине «Ибратлы шаңарақ» кѳкирек белгилери тапсырылды.
Сондай-ақ, «Жаңа Өзбекстанның ибратлы шаңарағы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.

Атап айтқанда, өткерилген таңлаў жуўмағында, Тахтакөпир районы Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Жаңабай Исмамутов ҳәм Тамара Қыдырбаевалардың шаңарағы биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Қанлыкөл районы Наўрыз мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары Табынбай Үббиниязов ҳәм Гүлбәҳәр Шыразовалардың шаңарағы екинши, Елликқала районы Гүлистан елатынан Серик Бекишов ҳәм Жеңисгул Муратовалардың шаңарағы сыйлы үшинши орынларға мүнәсип деп табылды.
Буннан соң көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Байрам илажлары «Дослық» каналы бойында театрластырылған саз-сәўбетли сахналық көринислер менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги